Халықтың пикир-усынысларын, мүрәжатларын тыңлаў, машқалаларын үйренип сапластырыў, исбилерменликтиң раўажланыўына жәрдем бериў жумыслары елимиздиң  раўажланыўы, исбилерменлер қатарының кеңейиўи, өз гезегинде халқымыз турмысының абаданласыўына хызмет етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық хызмети уйымларына 2022-жылдың 12 айы даўамында жәми 18138 мүрәжат келип түскен. Cоннан, жазба түринде жеке пуқаралардан 517, юридикалық тәреплерден 151, электрон формада жеке пуқаралардан 4748, юридикалық тәреплерден 12709, аўызеки түринде жеке пуқаралардан 10, юридикалық тәреплерден 3 мүрәжат келип түскен болып, белгиленген мүддетлеринде мүрәжат ийелерине жуўаплар берилген.

– Мәмлекетлик салық хызмети уйымларында келип түскен мүрәжатлардың «Физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң мүрәжатлары ҳаққындағы» Нызам талапларына муўапық көрип шығылыўы қадағалаўға алынған,-дейди басқарманың бөлим баслығы Г.Аймурзаева. – Сондай-ақ, бүгинги күнде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге қолайлықлар жаратыў мақсетинде, мәмлекетлик салық хызмети уйымларына мүрәжатларды «Электрон салық хызметлери» порталында «жеке кабинет», org@soliq.uz рәсмий электрон почта ҳәм «исеним телефоны» арқалы жибериўи ҳәм мүрәжат етиўи ушын мүмкиншиликлер жаратылған.

Сондай-ақ, «жеке кабинет» арқалы электрон көринисинде жолланған мүрәжатлардың дизимге алынғаны ҳәм оннан кейинги басқышларын онлайн көрип барыў имканияты да жаратылған.

Мәмлекетлик салық комитетинде нызамшылықта мүрәжатларды көрип шығыў ушын белгилеп берилген мүддетлердиң бузылыўына жол қойылмады.

Келип түскен мүрәжатлардың 10175 и тастыйықланып қанатлантырылды, 156 сы тастыйықланбады, ал 7540 мүрәжат бойынша түсиниклер берилип, 266 мүрәжат ҳәзирги ўақытта көрип шығылмақта.

Буннан тысқары Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы арқалы жәми 2467 мүрәжат келип түсип, соннан 1742 мүрәжат тастыйықланып қанаатландырылды, 606 мүрәжат бойынша түсиниклер берилип белгиленген мүддетлеринде мүрәжат ийелерине жуўаплар берилди, 6 мүрәжат бийкар етилип, 6 мүрәжат тийислилиги бойынша жиберилди ҳәм 107 мүрәжаттың мүддети болғанлығы себепли көрип шығылмақта.

Мәмлекетлик салық хызмети уйымлары «исеним телефоны» арқалы 474 мүрәжат келип түсип, соннан 33 и тастыйықланды, 12 си тастыйықланбады, 393 мүрәжат бойынша түсиниклер берилди. Cондай-ақ, 20 мүрәжат көрилместен қалдырылған, 4 мүрәжат тийислилиги бойынша басқа уйымларға жиберилген ҳәм 12 мүрәжат көрип шығылмақта.

Буннан тысқары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының атына ашылған «Жоқары Кеңеске мүрәжат бот каналы»на салық уйымларына тийисли 28 мүрәжат келип түскен болып, соннан 15 мүрәжат қанаатландырылып, 13 мүрәжат бойынша түсиниклер берилди.

Ҳәр бир мүрәжатта инсан тәғдири турғанлығы есапқа алынып, оларды шешиў бағдарындағы жумыслар нәтийжели даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги