Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 16-январь күни халықты энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Кейинги жыллары елимизге суўық ҳаўа ағымы кирип келди. Энергия ҳәм ыссылық тәмийнатында үзилислер бақланды. Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге терең тоқтап, жедел илажлар көрилиўин атап өтти.

– Мен суўықтан қыйналып атырған ҳәр бир шаңарақ, ҳәр бир инсанның жағдайын терең тәшўиш ҳәм азап пенен жүрегимнен өткерип атырман, – деди Шавкат Мирзиёев. – Оны ҳәр бир басшы сезиўи керек. Быйылғы суўық пүткил системаның жағдайын, қысқа таярлық жеңил-желпи болғанын көрсетти. Енди усылайынша даўам етиўи мүмкин емес. Пайда болған жағдайды оңлаў ушын жедел илажлар көремиз.

Мәжилисте тәбийғый газ ҳәм электр тәмийнаты, коммуналлық тараўдағы машқалалар сын көзқарастан талланды.

Мәселен, Ташкент қаласында онлаған мәҳәллелерде электр ҳәм газ тәмийнатында үзилислер болған. Айырым трансформатор ҳәм аз күшлениўли тармақлар артықша жүклемеге шыдам бере алмай истен шыққан.

Оның себеби қурылысқа руқсат берилгенде, ҳәзирги инфраструктураға жүклеме бойынша анық есап-санақ етилмеген. Пайтахттың Бас режеси елеге шекем тастыйықланбаған. Руқсатсыз қурылған объектлердиң саны 250 ден артып кеткен.

Соның ушын, жағдайға алдыннан баҳа берип, қыс мәўсимине керекли дәрежеде таярлық көрмегени ушын Ташкент қаласы ҳәкими Ж.Ортиқхўжаев лаўазымынан босатылды.

Ташкент ўәлаяты ҳәкими З.Мирзаев қатаң ескертилди, сондай-ақ, республикамыздағы бир қатар район ҳәм қала ҳәкимлерине сөгис берилди.

Талимаржан ыссылық станциясының энергия блогын оңлаў ҳәм электр энергиясын ислеп шығарыўды тәмийинлемегени ушын энергетика министриниң орынбасары Ш.Ходжаев ҳәм «Ыссылық электр станциялары» акционерлик жәмийетиниң басшысы Ф.Абдураҳмонов ўазыйпасынан босатылды. Сондай-ақ, «Өзтрансгаз», «Өзбекнефтьгаз» ҳәм «Аймақлық электр тармақлары» акционерлик жәмийетлериниң басшыларына интизамий жаза ҳәм сынақ мүддети белгиленди.

Электр ҳәм газ тармақларында талан-таражлықлардың көп екенлиги көрсетип өтилди. Кейинги айлардың өзинде нефтьгаз ҳәм энергияны қадағалаў системаларында 192 коррупция жағдайлары анықланған. Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети ҳәм Бас прокуратураға бул тараўлардағы коррупцияны жоқ етиў, автомобильге газ қуйыў шақапшаларындағы урлықларға шек қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте электр ҳәм газ тармақларының үзликсиз ислеўин тәмийинлеў бойынша оператив илажлар белгиленди.

Бас министр ҳәм энергетика министрине барлық имканиятларды иске қосып, ҳәзирги ресурсларды әдил бөлистирип, машқалалы мәҳәллелерге жеделлик пенен энергия жеткерип бериў ўазыйпасы қойылды. Сырт елден тәжирийбели қәнигелерди тартып, басқарыў ҳәм өндирис процесслерин санластырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Экономика ҳәм қаржы министрине энергетика тараўы кәрханаларында есап-санақларды тәртипке салыў ҳәм қаржы мәселелерин шешиў бойынша тапсырма берилди.

Энергия тәмийнатындағы үзилислердиң себеплери ҳәм көрилип атырған илажларды халқымызға өз ўақтында түсиндирип барыў керек. «Сақаўат ҳәм көмек» қорынан жалғыз кекселер, көп перзентли жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем бериледи, аўыр жағдайларда олар ыссы орынларға көшириледи.

Дийқан базарларында шараятларды жақсылап, өнимлердиң зыянсыз сақланыўы ҳәм баҳаның турақлылығын тәмийинлеў де әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Энергетика кәрханаларының басшылары ҳәм ҳәкимлерге келешекте бундай жағдайға жол қоймаў ушын ҳәзирден анық илажларды белгилеў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте энергетика министри ҳәм ҳәкимлер орынларда күшейтилген тәртипте алып барылып атырған жумыслар бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА