Аномал суўық ҳаўа-райы себепли 13-январь күни поездлар кестесине өзгерислер киргизиледи. Қарар жолаўшы поездлардың ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде қабыл етилди, деп хабар бермекте «Өзтемиржолаўшы» АЖның баспасөз хызмети.
Бақланып атырған аномал суўық ҳаўа-райы себепли 13-январь күнги поездлар ҳәрекет кестесине өзгерислер киргизиледи, деп хабар бермекте «Өзтемиржолаўшы» АЖның баспасөз хызмети.
Бул сәнеде жолаўшы поездлардың жөнеп кетиў ҳәм мәнзилге жетип барыў ўақытларында өзгерислер болады. Қарар жолаўшы поездлардың ҳәрекет қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде әмелге асырылып атырғаны айтылған.
Жолаўшыларға поездлардың жөнеп кетиў ҳәм келиў ўақытын мәлимлеме станцияларында көрсетиў усыныс етиледи.
Атап өтилиўинше, поездлар кешигиўи алдынғы күнлерде де бақланды. Атап айтқанда, 13-январь күни Бухара – Ташкент жөнелисиндеги 765-санлы «Афросиёб» жоқары тезликте ҳәрекетлениўши электропоездында аномал суўық ҳаўа-райы себепли насазлық пайда болған ҳәм поезд «Малик» бәндиргисинде тоқтатылған. Жолаўшыларды мәнзилге қәўипсиз жеткериў мақсетинде резерв электропоезд жиберилген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги