Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеў, Қураллы Күшлеримиздиң жаўынгерлик потенциалын жоқарылатыў, профессионал миллий армияны қәлиплестириў, мәмлекетлик қәўипсизлик ҳәм шегараларымызға қол қатылмаслығын тәмийинлеўдеги үлкен хызметлери, жәмийетте тынышлық ҳәм турақлылықты, халқымыздың тынышлығын сақлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери, нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы үлгили жумысы, мақтанышлы ҳәм муқаддес миннетин орынлаўда мәртлик ҳәм жигерлилик көрсеткени, жасларды ўатанға муҳаббат руўхында тәрбиялаўға қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Жасорат» медалы менен

Жумамуратов Азим Рахимович – Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы Қорғаў басқармасы бөлиминиң қатардағы хызметкери

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Исмаилов Раматжан Нуратдинович – Қарақалпақстан Республикасы айрықша жағдайлар басқармасы өрт-қутқарыў бөлиминиң инструктор-қутқарыўшысы

«Шуҳрат» медалы менен

Ахматов Шахбозжан ШухратджановичӨзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының бөлим баслығы.

Турумбаев Дауран Аитжанович – Қарақалпақстан Республикасы Нөкис әскерий прокурорының орынбасары.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2023-жыл 12-январь