Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 12-январь күни Ҳиндстан Республикасы Бас министри Нарендра Модидиң басшылығында онлайн түрде өткерилген «Глобал Қубла ҳаўазы» саммитиниң жалпы мәжилисинде шығып сөйледи.

Ҳиндстанның «Үлкен жигирмалық»қа (G20) басшылығы шеңберинде шөлкемлестирилген илажға Вьетнам Республикасы Президенти Нгуен Суан Фук, Гайана Республикасы Президенти Муҳаммед Ирфон Али, Мозамбик Республикасы Президенти Филипе Ньюси, Сенегал Республикасы Президенти Маки Салл, Бангладеш Халық Республикасы Бас министри Шайх Хасина, Монголия Бас министри Лувсаннамсрайн Оюун-Эрдэнэ, Таиланд Патшалығының Бас министри Прают Чан Оча, Камбоджа Патшалығының Бас министри Хун Сен ва Папуа-Жаңа Гвинея Ғәрезсиз Мәмлекетиниң Бас министри Жеймс Марапе қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, инсан мәплерине бағдарланған турақлы раўажланыў мәселелери додаланды, раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин алға қойыў ҳәм әҳмийетли машқалаларды шешиў мақсетинде, соның ишинде, экономика, экология, энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлиги, денсаўлықты сақлаў, инсан ресурсларын раўажландырыў, инновациялар, туризм ҳәм басқа да бағдарлардағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўли тереңлестириў бойынша пикир алысылып, анық усыныслар берилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәзирги халықаралық жағдайда бақланып атырған әҳмийетли тенденцияларға баҳа берип, раўажланып атырған мәмлекетлер алдында турған тийкарғы баслы ўазыйпалар бойынша пикир билдирди.

– Ҳәзирги күнде дүнья жәмийетшилиги ҳәр қыйлы қарама-қарсылық ҳәм келиспеўшиликлердиң кескинлесиўи, экономикалық кризистиң унамсыз ақыбетлерине ушыраспақта. Биз халықаралық қатнасықларда ашық сөйлесиў ҳәм өз-ара исенимниң күн сайын азайып баратырғанының гүўасы болмақтамыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан жетекшисиниң атап өткениндей, коронавирус пандемиясы, азық-аўқат ҳәм энергетика қәўипсизлиги мәселелери ҳәм экологиялық машқалалар глобал раўажланыўдың перспективаларына унамсыз тәсир етпекте.

Ҳиндстанның раўажланып атырған мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы ҳәм нәтийжели байланысларын беккемлеўдеги белсене орны ҳәм роли айрықша атап өтилди.

Усы мәниде, кейинги жыллары Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан  арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм әмелий бирге ислесиў мәплерине хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Президентимиз Өзбекстанда әмелге асырылып атырған артқа қайтпас реформалардың орайында инсан мәплерин тәмийинлеў ең баслы мақсет ҳәм ўазыйпа етип белгиленгенин айрықша атап өтти.

– Раўажланыў стратегиямыздың тийкарғы мазмуны – нызам үстинлиги ҳәм инсан капиталын раўажландырыў, әдил ҳәм күшли пуқаралық жәмийетин қурыўдан ибарат. Биз өз алдымызға жақын келешекте инклюзив ҳәм турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў, мәмлекетте кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў сыяқлы үлкен режени қойғанбыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Өзбекстан Президенти Ҳиндстанның G20ға басшылығын қоллап-қуўатлап, күн тәртибиндеги мәселелер бойынша бир қатар әмелий усынысларды алға қойды.

Бәринен бурын, ҳәзирги күндеги халықаралық саўда системасын «Глобал Қубла ҳаўазы»н итибарға алған ҳалда жетилистириў усыныс етилди.

Тийкарғы базарларға шығыўда еле ҳәр қыйлы тосқынлық ҳәм шеклеўлерге ушырасып атырған, раўажланып атырған мәмлекетлердиң имканиятын жүзеге шығарыў ушын зәрүр шараятлар жаратылыўы зәрүр.

Раўажланып атырған мәмлекетлердиң энергетика ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, глобал логистика ҳәм қосымша қун шынжырларын жаратыў, инвестиция ҳәм ең заманагөй технологияларды тартыўда жәрдемлесиў мәселелери жәҳән саммитиниң күн тәртибинен орын алыўы мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Және бир стратегиялық мәселе – «Арқа-Қубла» халықаралық коридоры шеңберинде Орайлық ҳәм Қубла Азияның өз-ара байланыслылығын күшейтиўге қаратылған, Аўғанстан арқалы Ҳинд океанына шығатуғын темир жолды қурыў жойбарын жедел алға қойыў. Өзбекстан жетекшиси бирге ислесиўшилерди бул әҳмийетли жойбарда қатнасыўға шақырды.

Таллаўлар соны көрсетпекте, «жасыл» экономикаға өтиў шараятында раўажланып атырған мәмлекетлер арасындағы үлкен технологиялық өзгешелик артып бармақта. Усы мүнәсибет пенен дүньяның жетекши мәмлекетлериниң жәрдеминде «Глобал Қубла» ушын «жасыл» технология ҳәм инновациялар мәлимлеме банкин жаратыў усыныс етилди.

Гезектеги әҳмийетли мәселе инсан капиталын раўажландырыў ҳәм профессионал билимлендириўдиң сапасын арттырыў екени көрсетип өтилди.

– Қәбилетли жасларымызды климат өзгериўи, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, қолайлы энергетика, санластырыў ҳәм басқа да баслы тараўлардағы миллий ҳәм халықаралық бағдарламаларды ислеп шығыўға кеңнен тартыўымыз керек,-деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Соннан келип шығып, «Қубла жаслары ҳаўазы» турақлы пикирлесиў платформасын шөлкемлестириў басламасын алға қойды.

Глобал көлемде тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан алға қойып атырған Аўғанстан машқаласын шешиў бойынша халықаралық сөйлесиў топарын қәлиплестириў усынысын қоллап-қуўатлаўға шақырды.

Онлайн-саммитте билдирилген усыныслар менен басламалар раўажланып атырған мәмлекетлердиң мәплерин алға қойыўға, инсан мәпине қаратылған Турақлы раўажланыў мақсетлерине ерисиўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Сөзиниң соңында Өзбекстан Республикасы Президенти дос Ҳиндстан халқын жақынласып киятырған миллий байрам – Республика күни менен қызғын қутлықлады.


ӨзА