Бухара ўәлаятлық судының имаратында Қарақалпақстандағы ўақыялар бойынша 22 судланыўшыға байланыслы жынаят иси бойынша суд процеси өз жумысын даўам еттирмекте.
Анықланыўынша, Дәўлетмурат Тәжимуратов Конституцияға киргизилип атырған тийисли өзгерислер бойынша наразылық митингин өткериў бойынша Жоқарғы Кеңеске рәсмий мүрәжат еткен. Оның мүрәжатына тийкарланып митинг 5-июль күни өткерилиўи керек болған.
Суд мәжилисинде гүўалар менен айыпланыўшылардың көрсетпелери ҳәм ўақыялар болып өткен күнлерде түсирилген видеоматериаллар талланбақта. Атап айтқанда, халықты тынышландырыў мақсетинде қолланылған қураллар ҳәм олардың тәсир күши сондай-ақ, қуралларды қолланыўдан алдыңғы ескертиўге баланыслы жағдайлар да үйренилмекте.
Нөкис ўақыялары бойынша судта прокурор Тәжимуратовқа 18 жыл, Қаллихановаға 11 жыл, Турдановқа 8 жылға еркинен айырыў жазасы тайынланыўын сорады.
Басқа судланыўшыларға 9 жылдан 3 жылға шекемги ҳәр қыйлы мүддетлер, еки судланыўшыға болса еркин шеклеў жазасы тайынланыўы соралған.
Омбудсман баспасөз хызметиниң хабарына бола, суд мәжилисинде Қарақалпақстан Республикасында жүз берген жағдай ҳәм ўақыяларды үйрениў бойынша комиссия ағзалары қатнаспақта. Алынған мағлыўматларға бола, процесслер белгиленген талапларға муўапық алып барылмақта.
Н.Абдураимова,
ӨзА