Нөкис гарнизонының Руўхый-ағартыўшылық орайында «Еки кеўилдиң муҳаббат қосығы» атлы әдебий көркем кеше шөлкемлестирилди. Илажға дөретиўшилер шаңарағы – Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзалары Сағынбай Ибрагимов ҳәм Гулнара Ибрагимова қатнасты.

Ҳәзирги күнде бул еки дөретиўши Чехия мәмлекетинде, перзентлериниң жанында, Брио қаласында жийи-жийи болып турады.  Перзентлериниң ақыл-парасаты себепли өмирдиң қызығын көрип атырған ата-ана бүгин өз елинде мийман, көркем әдебий кешелердиң қаҳарманы. Әскерий хызметкерлер менен ушырасыў Ибрагимовлардың турмыс жолы ҳәм дөретиўшилик жумысы, Европа мәмлекетлерине саяхатлары ҳаққындағы қызғын сәўбетлер менен өтти.

Сағынбай Ибрагимов 1956-жылы Қоңырат районында туўылған. 1982-жылы М.Горький атындағы Әдебият институтын тамамлап, китап баспасының редакторы, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы баслығының орынбасары, «Әмиўдәрья» журналының бас редакторы, Руўхый-ағартыўшылық орайы баслығының орынбасары сыяқлы лаўазымларда жумысын ислеген. Жазыўшы қарақалпақ ҳәм рус тиллеринде дөретиўшилик етип келеди. Әдебият әлеминде өмирлик жолдасы менен аўдармашы сыпатында да белгили болып, сөз мүлкиниң султаны Әлийшер Наўайының ғәзеллери, рубайы ҳәм туюқлары, Саадий Шеразийдиң «Гүлистан», қазақ шайыры Абайдың шығармаларын қарақалпақ тилине аўдарған. 2020-жылы өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятына қосқан хызметлери тән алынып, Президентимиз тәрепинен «Шуҳрат» медалы менен сыйлықланды.

Гулнара Ибрагимованың аўдармалары да қарақалпақ китапқумарларын қуўандырады. Жазыўшы балалар әдебиятына мүнәсип үлес қосып келмекте. Соның ишинде, оның «Чех халқының ертеклери» Антуан де Сент-Экзюперидиң «Кишкене шахзада» шығармасының аўдармалары жас китапқумарларға ҳақыйқый саўға болды.

Алыс ўәлаятлардан келген әскерлер ушын қарақалпақ әдебиятының заманлас ўәкиллери менен танысыў айрықша тәсирлерге бай болды.

Илаж соңында әскерий округтиң тарийхый музейине экскурсия шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги