Ески үлгидеги барлық миллий айдаўшылық гүўалықлары ҳәм автомототранспортты дизимнен өткергени ҳаққындағы гүўалықларды мәжбүрий алмастырыў мүддети төмендегише создырылған:

2010-жылға шекемги дәўирде берилгени – 2023-жыл 31-мартқа шекем;

2010-2012-жыллары берилгени – 2023-жыл 30-июньға шекем;

2013-2015-жыллары берилгени – 2023-жыл 30-сентябрьге шекем;

2015-жылдан кейин берилгени – 2023-жыл 31-декабрьге шекем.

Жоқарыдағы мүддетлерге шекем алмастырылмаған гүўалықлар ҳақыйқый емес деп есапланады.


Қарақалпақстан хабар агентлиги