Ҳүрметли Нурсултан Абишевич!
Ҳүрметли мәмлекетлер ҳәм делегациялар басшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Бәринен бурын, бүгин қутлы ҳәм сақаўатлы Қазақстан жеринде өзимизди өз үйимиздегидей, арзыў-нийет ҳәм умтылыслары бирдей болған бирден-бир татыў шаңарақ ағзаларындай сезип атырғанымызды айрықша атап өтпекшимен.
Қазақстан Республикасы Президенти, туўысқаным ҳәм достым, ҳүрметли Нурсултан Абишевич Назарбаевқа Қазақстан Республикасында Өзбекстан Республикасы жылын өткериў ҳаққындағы басламасы ҳәм қарары ушын терең миннетдаршылық билдирмекшимен.
Көп жыллық нәтийжели бирге ислесиўимиз тарийхында биринши мәрте өтип атырған бул әҳмийетли ўақыя халықларымыз арасындағы ҳақыйқый туўысқанлық қатнасықларының айқын көриниси болып табылады.
Жаратқанның өзи бизге қоңсы болыўдай бийбаҳа жемисти инам еткен. Бизиң данышпан ата-бабаларымыз «Ҳәўли алма, қоңсы ал», деп бийкарға айтпаған. Биз әзел-әзелден бир жер үстинде, бир аспан астында жасап келмектемиз, бизиң тамырларымыз бир.
Халықларымыздың Әбу Райхан Беруний ҳәм Әбу Наср Фарабий, Хожа Ахмед Яссаўий ҳәм Баҳоуаддин Нақшбанд, Әлийшер Наўайы ҳәм Абай Қунанбаев, Айбек ҳәм Мухтар Әўезов, Ғафур Ғулам ҳәм Сабит Муханов сыяқлы уллы ғайраткерлери ҳәм басқа да көплеген атақлы илимпазлар, ойшыл ҳәм шайырлардың мийрасы бизиң ортақ байлығымыз болып табылады.
Биз адамгершилик ҳәм жақсылық идеялары менен суўғарылған бул руўхый мийрасты қәстерлеп сақлаўымыз ҳәм байытыўымыз лазым.
Әне, усы көзқарастан қарағанда, соңғы ўақытта сиясий ерк-ықрарымыз ҳәм өз-ара умтылысларымыздың нәтийжесинде дослық, жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик байланысларын беккемлеў жолында бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары бойынша ҳақыйқатында да үлкен нәтийжелерге еристик.
Аймақларымыз арасындағы жақын байланыслар, адамлардың өз-ара ашық-айдын сөйлесиўи ҳәм дослығы, мәдений байланыслардың жеделлескени ийгиликли мақсет – халықларымызды буннан былай да жақынластырыўға хызмет етпекте.
Бул жетискенликлерге халықаралық көлемдеги ири мәмлекетлик ҳәм сиясий ғайраткер, Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Нурсултан Абишевич Назарбаевтың үлкен ҳәрекетлери нәтийжесинде ерисилгенин айрықша атап өтпекшимен.
Бәршемизге жақсы белгили, Орайлық Азия еллериниң регионымыздың тынышлығы, турақлылығы ҳәм раўажланыўы, бүгинги ҳәм келешек әўладлардың абаданлығы жолында өз-ара интеграцияласыўының инта көрсетиўшиси де әйне ҳүрметли ақсақалымыз Нурсултан Абишевич болып табылады.
Оның дана басшылығында әмелге асырылып атырған избе-из сиясий өзгерислер ҳәм экономикалық реформалар, узақты гөзлеп, терең ойлап алға қойылған глобаллық ҳәм регионаллық көлемдеги басламалар пүткил дүньяда тән алынып атырғаны бәршемизди қуўандырады.
Қазақстанның бирлескен Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Қәўипсизлик Кеңесиндеги табыслы басшылығы, сизиң елиңизде болып өткен Шанхай бирге ислесиў шөлкемине ағза мәмлекетлер басшылары кеңесиниң тарийхый мәжилиси, ЭКСПО-2017 пүткил жәҳән көргизбесиниң жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, Ислам бирге ислесиў шөлкеминиң Илим ҳәм технологиялар бойынша биринши саммити ҳәм басқа да көплеген ири халықаралық илажлар Қазақстанның жоқары халықаралық абыройынан айқын дәрек береди.
Бүгин Астана қаласында узақ жыллар даўамында биринши мәрте Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырасыўын өткердик.
Булардың барлығы, тек ғана Қазақстанның үлкен потенциалына емес, ал пүткил Орайлық Азия регионы еллери менен бирге ислесиў бағдарындағы кең имканиятларға дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратыўға хызмет ететуғынына гүман жоқ.
Ҳүремтли дослар!
Биз ушын Қазақстан заманлар ҳәм турмыс сынағынан өткен, көп әсирлик дослық ҳәм туўысқанлық байланыслары менен тығыз байланысқан жақын қоңсымыз болып табылады.
Бул туўралы сөз етер екенбиз, уллы Абайдың төмендеги сөзлерин еске аламыз:
Ҳей инсан, ар-намыс жолдасың болсын,
Бабалар ҳикмети қолдасың болсын.
Мал-дүнья, абырой – бәршеси бийкар,
Ханалас садық достың, жолдасың болсын.
Бул даналық сөзлер тек ғана бүгинги салтанатлы мәресимниң емес, ал еллеримиз ҳәм халықларымыз арасындағы қатнасықлардың сүренине айланатуғынына беккем исенемен.
Усы мүнәсибет пенен күни кеше қазақ халқының уллы перзенти, шайыры ҳәм ойшылы, гуманисти Абай Қунанбаевтың дөретиўшилик мийрасын кеңнен үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў ҳаққында Өзбекстан Президентиниң қарары қабыл етилгенин мәлим етпекшимен. Ол уллы инсанның бийбаҳа үгит-нәсиятлары бүгин де өзиниң әҳмийетин ҳәм қунын жойытқаны жоқ.
Қарлығашбий сыпатында да белгили болған уллы Төлебийдиң мавзолейи Ташкентте жайласқаны, бул мәкан өзбеклер ушын да, қазақ досларымыз ушын да муқаддес зыярат етиў орны екени менен биз мақтанамыз.
Ҳүрметли Нурсултан Абишевич, өткен жылы Өзбекстанға мәмлекетлик сапарыңыз даўамында биргеликте, әне, усы теберик жерди зыярат етип, халықларымызды тыныш-татыў ҳәм аўызбиршиликли жасаўға шақыратуғын бул уллы шахстың естелигине ҳүрмет көрсеткенимизди жақсы еслеймен.
Барған сайын беккемленип атырған шын жүректен қатнасықларымыздан уллы бабаларымыздың руўхлары шад болады, деп ойлайман.
Ҳақыйқатында да халықларымыз бир-бирине ҳәмийше таяныш ҳәм сүйениш болып келген.
Тарийхымыздың уқсаслығы ҳәм өз-ара жақынлығымыз ҳәзирги дүньяның қыйын машқалаларын биргеликте шешиў, биз ушын улыўма қәўип-қәтерлерге қарсы нәтийжели гүресиў, жаңа әўладлар ушын келешекти бирге қурыўға жәрдем бермекте.
Биз – қазақлар, қырғызлар, түркменлер, тәжиклер ҳәм өзбеклер, гөззал Орайлық Азияда жасап атырған барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери менен биргеликте тыныш-татыў, дос-аўызбиршиликли болып жасаўымыз тәғдирдиң өзи тәрепинен белгилеп берилген.
Сонлықтан да биз улыўма үйимизди, перзентлеримизди түрли келиспеўшиликлерден ҳәм қарама-қарсылықлардан қорғаўға, регионымызда тынышлық ҳәм парахатшылық ҳүким сүриўин тәмийинлеўге бар күш-имканиятларымызды жумсаўымыз зәрүр.
Әзиз дослар!
«Астана опера» сарайының усы шырайлы залында Өзбекстан көркем өнер шеберлери тәрепинен көрсетилетуғын бүгинги концерт халықларымыздың өз-ара жақынлығына, мәдениятымыз, дәстүр ҳәм үрп-әдетлеримиз уқсас екенлигине және бир айқын мысал болып табылады.
Өзбекстанның талантлы көркем өнер шеберлери тәрепинен атқарылатуғын нама-қосықлар, олардың сизлер менен ушырасыўдан алатуғын қуўанышлары менен шадлықлары Қазақстанда Өзбекстан жылын өткериў бойынша режелестирилген биргеликтеги барлық илажларға айрықша руўх ҳәм кейпият бағышлайды.
Бул илажлардың табыслы өткерилиўи мәмлекетлеримиз арасындағы жақын қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўге хызмет ететуғынына исенемен.
Қәдирли дослар!
Шын жүректен қабыллағаныңыз ҳәм миймандослығыңыз ушын сизлерге және бир мәрте миннетдаршылық билдириў маған үлкен қанаатланыўшылық бағышлайды.
Пурсаттан пайдаланып, сизлерди ҳәм сизлер арқалы регионымыздың барлық туўысқан халықларын кирип киятырған гөззал бәҳәр байрамы – Наўрыз әййямы менен шын жүректен қутлықлайман.
Итибарыңыз ушын рахмет.