Kun.uz сайтының хабар бериўинше, усы жылдың екинши ярымында “Самарқанд-Астана”, “Самарқанд-Алматы”, “Үргениш-Астана”, “Үргениш-Алматы”, “Бухара-Астана”, “Бухара-Алматы”, “Нөкис-Атыраў”, “Бухара-Атыраў” ҳәм басқа талап етилетуғын жөнелислерде турақлы түрде транспорт қатнаўын жолға қойыў мәселеси көрип шығылады.

Сондай-ақ, 2018-жылдың екинши ярымында туристлердиң трансшегаралық ҳәрекетлениўин әпиўайыластырыў мақсетинде Өзбекстан-Қазақстан шегарасында турақлы түрде трансшегаралық “жасыл коридор” шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги