Президент Шавкат Мирзиёевқа темир жол тараўындағы ири халықаралық жойбарлардың әмелдеги жағдайы ҳәм келешектеги режелер бойынша мәлимлеме берилди.
Мәмлекетимиз ушын транспорт коридорларын диверсификациялаў, дүнья базарларына тез ҳәм еркин шығыў жүдә әҳмийетли. Соның ушын мәмлекетимиз басшысы халықаралық әнжуманларда бул мәселени бәрқулла көтерип, әмелий басламаларды алға қоймақта. Қоңсы ҳәм мәпдар мәмлекетлер менен «тил табысып», жойбарлар жеделлестирилмекте.
Олардан бири 454 километрлик «Өзбекстан – Қырғызстан – Қытай» темир жолы қурылысы болып есапланады. Ҳәммемизге белгили, быйыл 14-сентябрьде Самарқандта бул жойбар бойынша үш тәреплеме Түсинисиў меморандумына қол қойған еди. Ноябрь айында Қытайдың «Биринши жойбарлаў-изертлеў институты» тәрепинен дала изертлеў жумыслары алып барылды.
Есап бериў даўамында режедеги жумыслар ҳаққында да айтып өтилди. Атап айтқанда, Бишкек қаласында жойбарлаў офиси шөлкемлестириледи. Жойбарды басқарыў усылы ҳәм тәртиби додаланады. Халықаралық финанс шөлкемлери менен сөйлесиўлер өткериледи. Улыўма, 1-июньға шекем жойбардың техникалық-экономикалық тийкарын таярлаў режелестирилген.
Тараўдағы және бир регионаллық жойбар «Термиз-Мозори-Шариф-Қабул-Пешовар» темир жолы болып есапланады. Аўғанстандағы қурамалы жағдайға қарамастан, бул бойынша да сезилерли өзгерислер бар.
Атап айтқанда, усы жылы жазда Аўғанстанның Мозори-Шариф қаласынан Пакистанның Торхан қаласына шекем изертлеў экспедициясы өткерилди.
Атап өтилгениндей, жойбар шеңберинде 765 километр темир жолы қурылысы мөлшерленбекте. Ендиги жылы бул бойынша жойбарлаў офисин шөлкемлестириў, халықаралық консалтинг компаниясын тартыў, инвесторлар менен сөйлесиўлер өткериў режелестирилген. Усылардан келип шығып, жойбардың техникалық-экономикалық тийкары таярланады.
Президент Шавкат Мирзиёев бул режелерди мақуллап, бирге ислесиўши мәмлекетлер менен «жол карталары»н ислеп шығыў бойынша көрсетпелер берди.
Бул еки темир жолдың қурылысы Өзбекстанның транспорт коммуникацияларын диверсификациялап, логистика имканиятларын есесине кеңейтеди.
ӨзА