Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Фарход Уразбаевич Эрманов Хорезм ўәлаятының ҳәкими лаўазымынан босатылды ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы лаўазымына тастыйықланды.
Усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы лаўазымында жумыс ислеген Қахраман Раматуллаевич Сариев Президенттиң мәмлекетлик хызмет, халық пенен пикирлесиў ҳәм жергиликли ҳәкимият уйымларының жумысларын муўапықластырыў мәселелери бойынша кеңесгөйиниң биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.
Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.