Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 15-декабрь күни аймақларда энергия тәмийнатын жақсылаў, халықтың бәнтлигин арттырыў мәселелери бойынша өткерген видеоселектор мәжилисинде, «Энергия тәмийнатындағы ҳәзирги жағдай тармақ ҳәм аймақ басшылары ушын үлкен сабақ болыўы керек. Тараў кәрханалары системалы ислеўи керек. Ҳеш бир мәҳәлледе адамлар наразы болмаўы зәрүр,-деп, бир қатар жуўапкер басшыларға қатаң тапсырмалар берген еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы Адилбай Оразов Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары акционерлик жәмийетиниң  бас директоры Аллабай Нурымбетов пенен республикамызда тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериў бойынша исленип атырған жумыслар жөнинде сәўбетлести.

―Аллабай Сәтбаевич «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» жәмийети балансында неше подстанциялар бар ҳәм олардың жәрдеминде тутыныўшыларға қанша киловатт энергия жеткерип берилмекте?

―Бүгинги күни республикамыз халқы жәмийетимизге қараслы 35-110 кВ лық 107 дана подстанция, узынлығы 20464,0 км 0,4-110 кВ элекр узатыў тармақлары ҳәм 5585 дана трансформатор пунктлери арқалы электр энергиясы менен тәмийинленген. Республикамыз бойынша тутыныўшылардың орташа айлық тутыныӯы 182 млн.кВт.саат болып, оларға турақлы түрде электр энергиясы жеткерип берилмекте.

Соның ишинде, 2022-жылдың январь-ноябрь айларында республикамыз аймағындағы тутыныўшыларға жәми 582 млрд. 164,2 млн.сўмлық 1 261,9 млн.кВт.саат, соннан юридикалық тутыныўшыларға 422 млрд.365,2 млн.сўмлық 774,4 млн.кВт саат, жеке хожалықларға 159 млрд.799,0 млн.сўмлық 487,4 млн.кВт саат электр энергиясы жеткерип берилди.

― «Есаплы дос айырылмас» дегениндей, бул жеткерип берилген электр энергиясы ушын тутыныўшылардың төлем төлеў мәселеси туўралы да айтып өтсеңиз?

Әлбетте,  жәмийетимиз хызметкерлери тәрепинен бул бағдарда көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2018-жыл 23-октябрдеги «Электр энергетикасы тармақларын раўажландырыў ҳәм финанслық турақлылығын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3981 ҳәм 2019-жыл 9-июльдеги «Жанылғы-энергетика тараўында өз-ара есап-санақларды және де беккемлеў ҳәм финанслық турақлылығын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-5761-санлы қарары ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл        28-сентябрдеги “Электр энергиясын есапқа алыў ҳәм қадағалаўдыӊ автоматластырылған системасына енгизиўди жеделлестириў илажлары ҳаққында”ғы 594-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, 397 226 дана ақыллы электр есаплағышлар қурылып, “Электроесап” ҳәм “CAS” бағдарламасында  мағлыўматлар алмасыўын тәмийинлеў ушын 5 210 дана концентратор үскенелери орнатылды. Буның нәтийжесинде,    393 452 тутыныўшы биллинг бағдарламасына жалғанды.

Соннан республикамызда 569 млрд. 921,2 млн.сўм (97,9%), соның ишинде юридикалық тәреплерден 410 млрд. 677,2 млн.сўм (97,2%) ҳәм жеке хожалықлардан 159 млрд. 244,0 млн. сўм (99,7%) пул қаржылары өндирилди.

2022-жылдың 1-декабрь ҳалатына дебитор қарыздарлық жәми 27 млрд. 720,1 млн.сўмни, усыннан юридик тутыныўшылардан 26 млрд.755,0 млн. сўм, жеке хожалықтан 965,1 млн.сўмды қурап, 2022-жылдың 1-январь халатына салыстырғанда жәми дебитор қарыздарлық 8 млрд.279,4 млн.сўм, соннан юридикалық тутыныўшылардан 9 млрд.453,8 млн.сўмға өсиўине жол қойылған болса, ал, жеке хожалықлардан 1 млрд.174,5 млн. сўмға кемейтилди.

―Жәмийетиңиз тәрепинен республикамыздағы электр энергиясы тутыныўшыларын үзликсиз түрде тәмийинлеў мақсетинде, гүзги-қысқы мәўсимге таярлық көриў бойынша қандай жумыслар әмелге асырылды ҳәм қыс айларында халықты электр энергиясы менен тәмийинлеўде қандай шеклеўлер болады?

Республикамыз аймағында жасаўшы хожалықларды, социаллық ҳәм санаат тармақларын турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў ҳәм 2022-2023-жыллардың гүз-қыс мәўсимине таярлық көриӯ мақсетинде,  жәмийетимиз хызметкерлери тәрепинен узынлығы 2251,2 км 0,4-110 кВ электр узатыў тармақлары, 581 дана трансформатор пунктлери, 35-110 кВли 3 дана подстанциялардыӊ күш трансформаторлары, 18 дана майлы өширгишлерге ири оӊлаў жумыслары ҳәм узынлығы 4166,0 км 0,4-6-10 кВ электр узатыў тармақлары, 1251 дана трансформатор пунктлерине ағымдағы оӊлаў жумыслары әмелге асырылды.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 30-декабрьдеги “2022-2026-жылларда төмен кернеӯли электр тармақларын жаӊалаӯ ҳәм модернизациялаӯ бағдарламасы ҳаққында” ПҚ-72-санлы қарары тийкарында 506,9 км электр узатыӯ тармақлары ҳәм 126 дана трансформатор пунктлерин жаӊадан қурыӯ ҳәм реконструкциялаӯ режелестирилип, бүгүнги күнде 453,0 км электр узатыӯ тармақлары ҳәм 85 дана трансформатор пунктлерин жаӊадан қурыӯ ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылмақда.

Соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2022-жыл 18-марттағы ПҚ-172-санлы қарарындағы “Абат аӯыл” ҳәм “Абат мәҳәлле” бағдарламасына тийкарланып 189,1 км электр узатыӯ тармақлары ҳәм 51 дана трансформатор пунктлерин жаӊадан қурыӯ ҳәм реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды.

Буның нәтийжесинде республикамыз аймақларында халықтың электр энергиясына болған талабы толық тәмийинленбекте ҳәм ҳәзирги күнлери бул бағдарда ҳеш қандай шеклеўлер жоқ.

―Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет!

Қарақалпақстан хабар агентлиги