Көпшиликтиң хабары болғанындай соңғы жыллары республикамызда автомобиль жоллары тараўында бир қатар кемшиликлер көзге тасланып, бул халқымыз ушын көплеген машқалаларды келтирип шығармақта.
Бизлер Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары Бас басқармасының бас инженери Бабур Қурбанбаев пенен республикамызда бул тараўда әмелге асырылып атырған жумыслар жөнинде сәўбетлестик.
―Бабур Сатимбаевич быйылғы жылы республикамызда басқарма тәрепинен қандай жумыслар әмелге асырылды?
― Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 22-январьдағы ПҚ-98-санлы қарарына муўапық, быйылғы жылы Қаракалпақстан Республикасы аймағында жәми 6 объект, соннан 4 объектте автомобиль жолларын ҳәм 2 объектте 2 көпирди реконструкциялаў жумысларын ислеў тапсырылған. Реконструкциялаў жумыслары ушын 101,9 млрд.сўм қаржы ажыратыў режелестирилген болып, бул объектлер жылдан-жылға өтиўши объектлер болып есапланады. Атап айтатуғын болсақ, бүгинги күни Тахтакөпир районында 4Р-176 «Нөкис-Шымбай-Тахтакөпир» автомобиль жолының 110,5–114 км бөлегин реконструкциялаў жумыслары Тахтакөпир районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен әмелге асырылып, бул жумыслар толығы менен тамамланып пайдаланыўға тапсырылды. Сондай-ақ, А–380 «Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў» автомобиль жолының 698–753 км (4-басқыш, 752–753 км шеп тәрепи) реконструкциялаў объектиниң 2 км бөлегинде реконструкциялаў Тақыятас жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен әмелге асырылып, бул жумыслар толығы менен жуўмақланып, бул объект те пайдаланыўға тапсырылды.
Усылар менен бирге, Бозатаў районындағы еки көпирде реконструкциялаў жумыслары толығы менен жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
― Ҳәзирги ўақытта басқармаңызға қараслы жол ҳәм көпир қурыўға қәнигелескен неше кәрхана бар ҳәм олардың материаллық-техникалық базасы ҳәм жоқары мағлыўматлы кадрлар менен тәмийинлениўи қай дәрежеде?
― Қарақалпқстан Республикасы Автомобиль жоллары бас басқармасына қараслы 23 кәрхана болып, соннан 17 си районлық , 5 и турақлы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы ҳәм 1 көпирлерден пайдаланыў унитар кәрханасы болып табылады. Ал, олардың материаллық-техникалық жағдайына келетуғын болсақ, 2018–2021-жыллар аралығында бул кәрханаларға 80 дана автогрейдер, бульдозер , автосамосвал, каток, фрейзер, жүклеўши, асфальт басыўшы, ҳ,т.б техникалар алып келинип, булардың барлығы бүгинги күни олардан пайдаланылмақта.
Кәрханаларымызды өз кәсибиниң маманы болған жетик кадрлар менен тәмийинленгенлик дәрежеси бизлерди толық қанаатландырады. Себеби, ҳәзирги ўақытта Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети жол қурылысы тараўы бойынша күндизги ҳәм сыртқы бакалавр тәлим бағдарында жаңа қәнигелер таярланбақта. Қалаберди, усы тараўда көп жыллар даўамында ислеп келген орта мағлыўматлы қәнигелеримиз болса, жоқарыда атап өтилген кешки ҳәм сыртқы тәлим кәнигеликлеринде оқыўларын жуўмақлап, жумысларын даўам етпекте.
― Жасырарлығы жоқ, Шымбай-Бозатаў, Шымбай Кегейли, Ақмаңғыт-Кегейли, Ақмаңғыт-Кердер, Шымбай-Майжап, Шымбай-Тағжап-Қараөзек, Халқабад-Қуўаныш жарма ҳәм тағы басқа да районлар ҳәм хожалықлар аралық автомобиль жоллары аянышлы жағдайға түсип қалды. Буның себеби неде ҳәм оған қандай итибар қаратылмақта?
―Дурыс айтасыз. Соңғы жыллары республикамызда жүргизилип атырған ири көлемдеги қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларына байланыслы аймақларымызға сырт еллерде ислеп шығарылған ири көлемдеги аўыр автомашиналар кирип келмекте. Бул бир жағынан республикамызда қурылыс тараўының раўажланыўына унамлы тәсир көрсетип атырған болса, екинши жағынан асфальт жоллар ҳәм ишки көпирлеримиздиң ўақтынан бурын тозыўына алып келмекте. Буның ақыбетинде сиз жоқарыда тилге алған автотранспорт жоллары аўыр жағдайға түсип қалды.
2023-жыл ушын Мәмлекетлик әҳмийетке ийе жолларды күнделикли оңлаў жумысларына ажыратылатуғын қаржылар шеңберинде оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Усы реже тийкарында белгиленген бағдарлама шеңберинде бул машқалаларды басқышпа-басқыш сапластырыў нәзерде тутылған.
― Республикамызда жаңадан қурылып яки қайта оңланып атырған жол ҳәм көпирлердиң сапалы түрде питкерилиўин қайсы шөлкем қадағалайды?
― Республикамызда жолларды қурыў яки қайта оңлаў жумыслары ең дәслеп жолларға буйыртпашы тәрепинен қадағалаўға алынады. Ол бунда лаборатория хызметинен пайдаланып, бул жойбар сметалық жақтан туўра келе ме? Қурылыстың сапасы қалай?- булардың барлығы итибарға алынады.
Сондай-ақ, бул жумыслар Өзбекстан Республикасы Транспорт министирлиги жанындағы жол қурылысы жумысларының сапасын қадағалаў инспекциясы аймақлық инспекциясы тәрепинен қадағалаўға алынады.
-Алдағы ис-режелериңиз туўралы айтып өтсеңиз?
Қарақалпақстан Республикасы Автомобиль жоллары Бас басқармасы ҳәм оған қараслы қурылыс кәрханалары тәрепинен 2022-жыл 31-августтағы Президент Пәрманына тийкарланып, А–380 “Ғузар-Бухара-Нөкис-Бейнеў” автомобиль жолының Төрткүл, Еллиққала, Беруний районларында халықаралық әҳмийетке ийе жолларды ислеў режелестирилген.
Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм республика ҳүкиметиниң қарарлары ҳәм мәмлекетлик бағдарлама тийкарында өзлеримизге белгилеп берген ўазыйпаларынан келип шығып, келеси жылы да халқымыз ийгилиги жолында аянбастан хызмет ете беремиз.
Сәўбетлескен: Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы