Республикамызда суйылттырылған газди халыққа өз ўақтында жеткерип бериў, биржа саўдаларында ҳәм жанылғы қуйыў шақапшаларында бензинниң баҳасының жасалма көтерилип кетиўиниң алдын алыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
-Бүгинги күни жеке меншик кәрханаларға қараслы 123 автомобильлерге қысылған газ толтырыў шақапшасы, 103 автомобильлерге суйылттырылған газ толтырыў шақапшасы жумыс алып бармақта,-дейди «Өзнефтегазинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлиминиң баслығы Мирас Бердибаев.-Сондай-ақ, 157 автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшасы болып, соннан 121 шақапша биржа саўдаларында қатнасып, алынған автобензинлерди усақлап сатыў баҳасында сатпақта. Буннан тысқары, «Тақыятас нефьтбазасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы районларда жайласқан фермерлерге хызмет көрсетиўши 25 жанылғы тарқатыў шақапшасы арқалы «Аи-80» маркалы бензини сатылмақта.
Қәнигелердиң атап өткениндей, бүгинги күни автомобильлерге қысылған газ толтырыў шақапшалары арқалы 1м3 тәбийғый газдиң баҳасы 2200 сумнан, автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшалары арқалы 1 литр «Аи-80» маркалы бензин 5700 сумнан сатылып атыр.
Автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшаларында бензин баҳасының турақлылығын тәмийинлеў ҳәм оның жасалма көтерилип кетиўиниң алдын алыў бағдарында «Өзнефтегазинспекция»ның Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Монополияға қарсы гүресиў комитети менен биргеликте шақапшалардың баслықлары ҳәм қәнигелери арасында түсиник жумыслары алып барылмақта.
Халыққа транспорт хызметин көрсетиўши автомашиналарға қолайлық жаратыў мақсетинде шақапшаларда «жасыл коридор»лар шөлкемлестирилген. Бул болса, олардың иркинишсиз жанылғы қуйыўын тәмийинлеп, жолаўшылардың жолларда узақ күтип қалаўының алын алыўға хызмет етпекте.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы