Европа илимпазлары планетамыз тәрепке пәрўаз етип атырған  2015 RN35 астероидын анықлады, деп хабар тарқатпақта Европа космос агентлиги социаллық тармақтағы бетинде.

«2015 RN35 астероидының көлеми жетерли дәрежеде үлкен ҳәм жерге жүдә жақын аралықтан ушып өтеди. Соның ушын оны космос таныўшы-ҳәўескерлер бақлаўы мүмкин»,-делинеди хабарда.

Daily Express газетасының атап өтиўинше, аспан денесиниң айланасы 140 метрге шамалас келеди ҳәм планетамызға 680 000 километр аралықта жақынласады, соның ушын бул аспан денеси инсаниятқа қәўип туўдырмайды.

Британиялы журналистлер 2015 RN35 ди «рождество астероиды», деп атады.

ӨзА