Республикамыз районларындағы аўыр шараятта жасап атырған, хатлаўдан өткерилген пуқаралардың турақ жайларын орнына барып көриў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў, үйлерин оңлап бериў бағдарындағы жумысларды нәтийжели жолға қойыў мақсетинде министрлик, басқарма, мәкеме-шөлкем басшыларынан ибарат жумысшы топарлар дүзилген еди.

Бул илажларға сиясий партиялар да қосылып, жергиликли Кеңеслерге ӨзЛиДеП тен сайланған депутатлар Кегейли, Шымбай, Беруний, Тақыятас ҳәм Нөкис қаласындағы өзлери сайланған аймақлардағы усындай шаңарақлардан хабар алды.

Халық депутатлары Нөкис районлық Кеңесиниң депутатлары Н.Қыдырниязов ҳәм А.Моятдиновлар да усы баслама тийкарында өзлери сайланған аймақта жасап атырған социаллық жәрдемге мүтәж, бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың жағдайынан хабар алып, оларға азық-аўқат өнимлерин, перзентлериниң қыс мәўсиминде жыллы кийимлерде оқыўға барыўы ушын қысқы кийим-кеншеклер ҳәм ысытыў үскенелерин апарып берди.

– Жаңа жыл алдынан хабар алып, бизлерге көрсетилип атырған итибар ушын депутатларымыздан миннетдармыз,-дейди Қырантаў АПЖ турғыны Б.Омаров.

Бундай қайырлы ислер халқымыз арасында бир-биреўге болған мийрим-шәпәәтти, қайырқомлық сезимлерин күшейтип, өз-ара аўызбиршиликти беккемлеўге хызмет етпекте.




Республикамыздағы аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың жасаў шараятларын жақсылаў, олардың турмыс абаданлығын тәмийинлеў бойынша ийгиликли баслама, яғный, «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги қайырқомлық илажлары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги