Энергия үнемлеўши қурылмаларды сатып алыў ҳәм бул мақсетлерге алынған кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаў ушын бюджет қаржылары есабынан компенсация ажыратылады.

Компенсация төмендеги қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў ушын ажыратылады:

физикалық тәреплерге қуяш фотоэлектрик станциялар, қуяш суў ысытқышлары, сондай-ақ, энергия үнемлеўши газ-горелкалы қурылмаларды сатып алыў қәрежетлериниң 30 проценти муғдарында, бирақ:

– қуяш фотоэлектрик станциялар ушын-3 миллион сумнан;

– қуяш суў ысытқышлары ушын-1,5 миллион сумнан;

– энергия үнемлеўши газ-горелкалы қурылмалар ушын – 200 мың сумнан артпайтуғын муғдарда;

– қайта тиклениўши энергия дәреклериниң қурылмалары, энергия үнемлеўши газ-горелкалы қурылмалар ҳәм қазанлар, сондай-ақ, энергия үнемлеўши басқа да үскенелерди сатып алыў ушын алынған кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң бир бөлегин қаплаўға:

– физикалық тәреплерге – 500 миллион сумнан аспайтуғын кредитлер бойынша Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан аспаған бөлиминде, бирақ 8 процентлик пунктинен көп болмаған муғдарда;

– юридикалық тәреплерге – 5 миллиард сумнан аспайтуғын кредитлер бойынша Орайлық банктиң қайта қаржыландырыў ставкасынан артқан бөлиминде, бирақ 5 процентлик пунктинен көп болмаған муғдарда.


Қарақалпақстан хабар агентлиги