Пайтахтымызда Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы дөретиўшилик ҳәм илимий зиялыларының XV форумы болып өтти.
Онда мәмлекетимиз ҳәм ҒМДА мәмлекетлериниң илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўының белсендилери қатнасты.
Кейинги жыллары елимизде болып атырған жаңаланыў процесслери халықаралық байланысларды пүткиллей жаңаша тийкарда жолға қойыўда да өз көринисин таппақта. Булар Өзбекстанның жақын ҳәм қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара исенимге тийкарланған, ашық ҳәм конструктивлик, дослық ҳәм бирге ислесиў байланысларын беккемлеўинде және де айқынырақ көзге тасланбақта.
Пайтахтымызда Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы дөретиўшилик ҳәм илимий зиялылары XV форумының темасы – «Гуманитарлық бирге ислесиў – отыз жыллық тәжирийбе ҳәм раўажланыў перспективалары» заманагөй реаллықты есапқа алған ҳалда, бирге ислесиў режелерин додалаў ҳәм оның тийкарғы бағдарлары ҳәм түрлерин белгилеўди нәзерде тутады.
Қызғын ҳәм әмелий руўхта болып өткен бул форумда Өзбекстан басшылығы Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы мәмлекетлериниң өз-ара бирге ислесиўин кеңейтиў ҳәм раўажландырыў ушын зәрүр барлық имканиятларды қаратқанын жоқары баҳалады.
Форум қатнасыўшылары тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы ҳәм идеясы тийкарында ҒМДА мәмлекетлери арасындағы өз-ара дослық, бирге ислесиў байланыслары жаңаланып атырған Өзбекстанның реформалары жеделлигине сәйкес түрде жаңа басқышқа алып шығылғаны айрықша атап өтилди. Ҳақыйқатында да, өткен жыллар даўамында тек ғана елимизде емес, ал дүньяда болып өткен қыйын пандемия шараятына қарамастан, ҒМДАға ағза мәмлекетлер арасында ҳәр қыйлы социаллық-гуманитарлық, мәдений-ағартыўшылық жойбарлар табыслы әмелге асырылды. Олар мәденият, билимлендириў, туризм, спорт, илим-техника сыяқлы тараўларды өзине қамтып алғаны менен әҳмийетли.
Бул бағдардағы форумлар гуманитар мәселелерде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң өзине тән «шақырыў қағазы»на айланатуғынын айтыў орынлы.
Улыўма алғанда, бул бағдардағы форумлар жаңа басламалар ҳәм гуманитарлық бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарларын додалаў ушын жыллық платформа болып есапланады. Олар мәдениятларды байытыў, гуманитарлық байланысларды раўажландырыў, дослық аўқамы мәмлекетлери арасында өз-ара түсинисиў ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге салмақлы үлес қоспақта.
Усы форум шеңберинде мәмлекетлер аралық «Дослық Аўқамы жулдызлары» ҳәм «Дебютлер дослық аўқамы» сыйлықларының ийелери сыйлықланды. ҒМДАға ағза мәмлекетлер жаслар симфониялық оркестриниң концерти болып өтти.
Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы дөретиўшилик ҳәм илимий зиялыларының XV форумы жуўмағына жетти, бирге ислесиўдеги әмелий жумыслар ҳәр тәреплеме есап-санақ етилди. Жақын келешектеги ўазыйпалар белгиленип, форумның резолюциясы қабыл етилди. Бир сөз бенен айтқанда, Өзбекстан ҳәзирги күндеги қурамалы дәўирде өз-ара ҳүрмет ҳәм исенимге, тилеклесликке, тынышлық ҳәм дөретиўшиликке тийкарланған идеялардың баслаўшысы сыпатында халықаралық майданда өзин көрсетип атырғаны усы форум жумысы мысалында да және бир мәрте өз тастыйығын тапты.
Назокат УСМОНОВА,
ӨзАның хабаршысы