Түркияның арқа-шығысында 150 миллион баррель таза нефть резервине ийе кән табылды, деп хабар бермекте «Анадолу» агентлиги Президент Режеп Таййип Эрдоғанның ҳүкимет мәжилисинен кейинги баянатына сүйенип.
– Түркия мәмлекеттиң арқа-шығысындағы Ширнак ўәлаятында, Габар таўы аймағында баҳасы, шама менен, 12 миллиард долларға тең 150 миллион баррель таза нефть резервин анықлады,-деди мәмлекет басшысы. – Бул қурғақлықдағы ең ири он кәнниң бири.
Июнь айында Эрдоған Адана ўәлаятындағы еки қудықта миллиард долларлық жоқары сапалы нефть резерви табылғанын да жәриялаған еди.
ӨзА