Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 2-ноябрдеги «Ыссыхана хожалықлары жумысларының нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын раўажландырыў агентлиги ҳәм Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигинен келисим тийкарында аймақлық инспекторларды бириктириў ҳәм өсимликлерди қорғаўды шөлкемлестириў илажларын алып барыў ўазыйпалары белгиленген.

Усы тийкарда Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги менен Бағшылық ҳәм ыссыхана хожалықларын раўажландырыў агентлигиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими биргеликте реже ислеп шығып, ҳәзирги күнде усы режеге муўапық илажлар алып барылмақта.

– Режеге муўапық, аймақлар кесиминде ҳәр бир ыссыханаға келисим тийкарында мәмлекетлик инспекторлар бириктирилип, өсимликлерди корғаўды шөлкемлестириў бойынша хызметлер көрсетилмекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлигиниң баспасөз хаткери М.Пирниязова. – Сондай-ақ, үй алды қыйтақ жер майданларындағы ыссыханалардың да фитосанитар жағдайы, егилген егинлерди өсимлик зыянкеслеринен ҳәм кеселликлерден қорғаў илажларының алып барылыўы қадағалаўдан өткерилмекте. Бул бойынша зәрүр усыныс ҳәм мәсләҳәтлер берилмекте.

Мәселен, ыссыханаларда ақ қанат зыянкеси көп ушырасады. Бул зынкес палыз егинлерине еки тәреплеме зыян тийгизеди, яғный, личинкасы өсимлик жапырақларының артқы тәрепине жайласып, таяр азықлық затларды сорып алса, жетилискен зыянкеслерден (личинкасынан) шығатуғын суйық затлар жапырақлардың үстине түсип жабысқақ шире пайда етеди. Бул ширелер үстинде қара замарықлар тез көбейип, өсимликтиң дем алыўын қыйынластырады ҳәм жапырақларының тез қуўрап қалыўына алып келеди. Ақ қанат бир мәўсимде 12-14 мәрте әўлад береди.

Ақ қанаттың көбейиў орайы есапланған ыссыханаларда оған қарсы гүресиў илажларын нәтийжели шөлкемлестириў, химиялық усылда зыянсызландырыў илажлары алып барылғанында суйықлық тийкарынан жапырақтың артқы тәрепинен себилиўине ерисиў керек.

Ең дәслеп өсимликлердиң зыянлы организмлерге шыдамлылығын арттырыў ушын минерал азықлық төгинлер бериў, өз ўақтында суўғарыў, зыянланған өсимликлерди ыссыханадан шығарып көмиў ямаса жағып жибериў, жабайы шөплерден тазалаў, ыссыханада дезинфекциялаў илажларын алып барыў зәрүр.

Мағлыўмат орнында, ҳәзирги күнде Қарақалпақстан Республикасында жәми 101 гектарлық 49 ыссыхана болып, олар тийкарынан топырақ ҳәм гидропоника усылында болып, оларда помидор, қыяр, болгар бурышы, лимон өнимлери жетистирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги