АҚШ Мәмлекетлик хаткери Энтони Блинкен Вашингтонда болып турған Өзбекстан Сыртқы ислер министри Владимир Норов пенен ушырасыўдан алдын баянат жасады.
Э.Блинкенниң сөзлерине қарағанда, «Өзбекстан Қырғызстан менен шегара мәселесинде келисимге ерискенин қоллап-қуўатлаўды қәлер едим. Бул регион ҳәм оннан сырттағы көпшилик ушын бундай мәселелерди дипломатиялық жол менен шешиў әҳмийетли екени ҳаққында күшли сигнал болады».
Қарақалпақстан хабар агентлиги