Өткен жума ҳәм шемби күнлери Қатарда өткерилип атырған жәҳән чемпионатында шерек финал ойынларынан соң чемпионлыққа тийкарғы даўагерлерден Бразилия, Англия ҳәм Португалия турнир менен хошласты.
Оғада қызықлы ҳәм таң қаларлық ҳәдийселерге бай болған ойынлардың дәслепкисинде чемпионлық ушын тийкарғы даўагерлердиң бири Бразилия өзине тән ойын усылына ийе Хорватия менен өз-ара ушырасты.
Ушырасыўдың тийкарғы ўақты 0:0 есабы менен жуўмақланған болса, экстратаймларда Неймар ҳәм Бруно Петкович өз есапларына 1 голдан жаздырып қойды ҳәм ойын усы нәтийже менен жуўмақланды.
Буннан соң пенальтилер сериясына нәўбет берилип, әўмет және бир мәрте Хорватия сайланды командасына күлип бақты.
Мағлыўмат ушын айтып өтиўимиз керек, буннан алдын Хорватия 1⁄8 финал ойынында Японияны, 2018-жылғы жәҳән чемпионатында Дания, Россия, Англия сайланды командаларын пенальтилер сериясында жеңип шығып, финалда Францияға жеңилип қалған еди.
Сондай-ақ, сол күни өткерилген шерек финал ушырасыўында Месси жетекшилигиндеги Аргентина Нидерландияны пенальтилер сериясында 4:3 есабында жеңип шығыўға еристи.
Ал, шемби күни өткерилген Марокко-Португалия, Франция-Англия ушырасыўларында жеңимпаз командалар ойынның тийкарғы ўақтында анықланды.
Марокко-Португалия 1:0, Франция-Англия 2:1.
Солай етип, 13-14-декабрь күнлери өткерилетуғын ярым финал ойынларында Аргентина – Хорватия менен, Франция болса Марокко менен ойын өткеретуғын болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы