Усы жылдың 8-10-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласында волейбол бойынша ҳаял-қызлар арасында V Өзбекстан суперкубоги жарысы болып өтти.

Жарыста 2022-жылғы Өзбекстан чемпионы Қарақалпақстан Республикасының Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты командасы ҳәм Өзбекстан кубоги жеңимпазы Жиззақ ўәлаятының Жиззақ мәмлекетлик педагогикалық университети командалары өз ара күш сынасты.

Қуўанышлысы, өткерилген еки ойында да НМПИ волейболшы қызлары қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмады – 3:0.

Солай етип, Қарақалпақстан Республикасы командасы волейбол бойынша Өзбекстан суперкубоги жеңимпазы ҳәм абсолют чемпионы болды.

Жарыс жуўмағында НМПИ командасы ағзаларынан Н.Рейимбаева «Ең күшли ойыншы», А.Жолдасбаева «Ең жақсы ҳүжимши» номинациялары бойынша да жеңимпаз деп табылды.

Команда ағзаларынан М.Юлдашева, Г.Нуранова, Г.Қулымбетова, У.Толиева, И.Хожибаева ҳәм Ҳ.Таўмуратовалардың көрсеткен әжайып ойынлары бүгингидей нәтийжени қолға киргизиўге тийкар болды.

Жарысқа команданы спорт устасы Азат Казаков ҳәм жоқары категориялы тренер Атабек Казаковлар таярлады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.