Шынжырма-шынжыр тутасып байланысып кеткен мәмлекетимиз экономикасы ҳәм халқымыздың күнделикли турмысында авторанспортлардың тутқан орны айрықша. Жасырарлығы жоқ быйылғы қыс мәўсиминиң суўықлығы салдарынан мәмлекетимиз энергетика системасында жүз берип атырған бүгингидей қыйын-қыстаў дәўирде Нөкис қаласы ҳәм районлар аралық қатнаўшы жәмийетлик транспортлардың қатнаў жийилиги азайып, бул халқымызға бир қатар қолайсызлықларды пайда етпекте.

 Бизлер Қарақалпақстан Республикасы транспорт министри Маманбий Омаров пенен ушырасып, оның менен транспорт тараўында жүз берип атырған усындай унамсыз жағдайларды сапластырыў бойынша исленип атырған жумыслар бойынша ашық сәўбетлесиў өткердик.

-Маманбий Аллабергенович биз билемиз сизиң министр болып тайынланғаныңызға онша көп ўақыт болған жоқ. Деген менен бүгинги күни республикамыздағы қала иши ҳәм районлар аралық жәмийетлик транспортлардың турақлы қатнаўы мәселесинде бир қанша үзилислер көзге тасланбақта. Усындай унамсыз жағдайларды тез арада сапластырыў ҳәм оны турақлы жолға қойыў бойынша министрлик тәрепинен қандай илажлар әмелге асырылмақта?

-Дурыс айтасыз. Мениң министр сыпатында жумыс баслағаныма бир ҳәптеден аслам ўақыт өтти. Бирақ, мен усы күнлер арасында тараўда ушырасып атырған қыйыншылықлар ҳәм қолайсыз жағдайларды өз ўақтында сапластырыў бойынша министрликтеги жуўапкер хызметкерлер, тендер баслықлары менен биргеликте жыйналыс өткерип, олар менен өз-ара пикирлестик. Соның менен биргеликте, Нөкис қаласындағы автовокзаллар, бәндиргилер ҳәм жоллардың бүгинги аўҳалы, жолаўшылар ҳәм транспорт тараўы хызметкерлери ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысып, үйренилген жағдайлар бойынша арнаўлы жол карталары ислеп шығылмақта.

Сондай-ақ, жәмийетлик транспортлардың турақлы қатнаўын тәмийинлеў мақсетинде, автомашиналарға қосымша метан газ толтырыў шақапшаларын иске қосыў бойынша жоқары турыўшы уйымларға усыныс берилди. Нәтийжеде пайтахтымызда дәслепки ўақытлары 2 метан газ толтырыў шақапшасы ислеген болса, транспорт министрлигиниң усынысынан соң және 4 шақапшаның жумыс ислеўине рухсат берилди. Бул болса, азыкем болсада жолларда транспортлардың белгиленген кесте тийкарында қатнаўына унамлы тәсир етти деп ойлаймыз. Усылар менен бир қатарда жоқарғы уйымлар тәрепинен жәмийетлик транспортларға арналған арнаўлы газ толтырыў шақапшаларын иске қосыў бойынша усынысларымыз үйренип шығылмақта.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы транспорт министрлигинен Қарақалпақстан Республикасы транспорт министрлигине усындай қыйын күнлерде жәбирленген автотранспорт кәрханалары ҳәм онда ислеўши шофёрларды социаллық қорғаў мақсетинде, жыл басында 4,5 млрд сум ақша субсидия сыпатында ажыратылған. Соннан бүгинги күнге шекем 400 млн сум ақша ғана жумсалған. Егер, жәмийетлик транспорт басқарыўшылары усындай финанслық қыйыншылықларға ушырап атырған болса, министрлик олардың тийисли ҳүжжетлерин көрип шығып, жумсалған зыянның орнын қаплап бериўге таяр. Буның ушын транспорт кәрханаларында жумыс ислеўши автотранспорт басқарыўшылары неше сумға бензин сатып алды ҳәм усы жанар май менен неше км жүргенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерин кәрхана басшыларына тастыйықлатып усыныўы тийис. Сонда ғана бизлер оларды социаллық жақтан қорғап, транспортлардың турақлы қатнаўын жолға қоя аламыз.

-Маманбий Аллабергенович ашығын айтыўымыз керек,  Нөкис қаласында азанда, түсте ҳәм кеште дийқан базары, көплеген жоқары оқыў орынлары, ири мәкеме ҳәм кәрханалар жайласқан көшелерде авторанспортлардың тығылысы бақданбақта. Бул әлбетте, өз гезегинде пуқараларымыздың жол транспорт ҳәдийсесине ушыраўына себеп болмақта. Мәселен, қаламыздағы 37-санлы мектеп, Қарақалпақ мәмлекетлик университети, Прогресс мектеплери айналасында усындай тығылыслардың гүўасы боламыз. Усы машқалаларды сапластырыў бойынша қандай пикирдесиз?

-Ҳақыйқатында да, пайтахтымыз халқы санының жылдан-жылға көбейиўи менен тәбийғый түрде автранспортлардың да саны артып бармақта. Бул болса, жолларда бираз қыйыншылықларды пайда етпекте. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Тилеўбаевич пенен биргеликте, Нөкис дийқан базары жанында жүз беретуғын автотранспортлардың тығылысын сапластырыў ҳәм бул машқаланы унамлы шешиў ушын ол жерге барып, мәселени үйренип шықтық ҳәм оны унамлы шешиў бойынша өзлеримиздиң усынысларымызды таярлап бердик. Атап айтатуғын болсам, Базар бәндиргисине кириўши жәмийетлик автотранспортлардың санын шеклеў ҳәм базар дөгерегинен жаңа автобәндиргилер ашыў усынысларын бердик ҳәм бул мәселе тийисли шөлкемлер тәрепинен үйренип шығылмақта.

Сондай-ақ, жасалма тығылыслардың пайда болыўының алдын алыў мақсетинде, оқыў орны, мәкеме, базар ҳәм басқа да жәмийетлик орынларға видеокамералар орнатыў бойынша усыныслар таярлап, тийисли уйымларға жиберип атырмыз. Әлбетте, усы үскенелер көшелерге орнатылса, бул тығылыслар сапластырылады, деген үмиттемиз.

-Ҳүрметли министр бизлер журналист сыпатында республикамыздың барлық аймақларында болғанбыз ҳәм автотранспорттың қәдирин оғада жақсы түсинемиз. Жасырарлығы жоқ, соңғы жыллары республикамыздағы көпшилик жоллар тозыўы жетип, бул автотранспортларға және қосымша қыйыншылықларды пайда етпекте. Әсиресе, Шымбай-Кегейли, Шымбай-Бозатаў, Шымбай-Майжап автомобиль жолларының бүгинги жағдайы аянышлы аўҳалда. Жоллардың насазлығы ақыбетинде соңғы жыллары бул жөнелислерде автобуслардың қатнаўы толық тоқтаған. Аймақ турғынлары тек таксилерде өз мәнзиллерине жетип бармақта. Бул мәселе бойынша не айта аласыз?

-Жаңа жоқарыда айтып өткенимдей, мениң министр сыпатында жумыс баслағаныма еле көп ўақыт болғаны жоқ. Сонлықтан мен еле ол аймақларға барып көрмедим. Бирақ, сизлердиң билдирген  пикир-усынысыңызды, әлбетте, инабатқа алып, тийисли қәнигелер менен бирге бул аймақлардың жолларын көрип шығып,  усы үйрениўлеримиз тийкарында Өзбекстан Республикасы транспорт министрлигине усыныс таярлап, олардан машқаланы шешиў бойынша жәрдем сораймыз. Себеби, жолларды асфальтлаўға шама менен 1 км ге 2 млн доллар ақша керек. Бул министрлик ушын үлкен қаржы. Жолды жамаған менен оннан унамлы нәтийже шықпайды. Сонлықтан бул жоллар илажы барынша жаңадан қурылса мақсетке муўапық болады.

-Халқымыз тәрепинен «Дамас» автомашиналары себепли қала ишинде тығылыслар жүз бермекте деген пикир бар. Сиз буған қалай қарайсыз?

-Дурыс. Бүгинги күни рәсмий ҳүжжетлерге қарайтуғын болсақ, Нөкис қаласында 1310 «Дамас», 80 микроавтобус ҳәм 30 автобус қала халқына транспорт хызметин көрсетип келмекте. Бул «Дамас»лардың халқымыз ушын көп жыллар даўамында хызмет көрсетип, олардың аўырын жеңиллетиў бойынша көплеген жумыслар исленгенин айтып өтиўимиз керек. Бирақ, заман раўажланыўы менен халықтың сапалы транспорт хызметине деген талабы артып бармақта. Сонлықтан министрлигимиз тәрепинен автотранспортларды жаңалаў бойынша бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, өткен жылдың өзинде 80 микроавтобус алып келинген болса, келеси жыллары олардың санын көбейтиўге ҳәрекет етпектемиз. Сондай-ақ, қаламызға 100 электроавтобуслар алып келиў бойынша илажларды әмелге асырмақтамыз. Егер усындай ислерди әмелге асырсақ, қаладағы тығылыслар сапластырылып, жәмийетлик транспортлардың халыққа хызмет көрсетиў сапасы артады деп ойлайман.

-Мазмунлы сәўбетиңиз ушын рахмет.

-Сизге де табыслар тилеймен.


Сәўбетлескен: Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы