Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының Қарақалпақстан бөлиминде Өзбекстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толыўына байланыслы салтанатлы илаж болып өтти.

Илажда шығып сөйлегенлер Тийкарғы Нызамымыздың 30 жыллық байрамы менен қутлықлап, оның елимизди раўажландырыўдағы тутқан орны ҳаққында кең түрде атап өтти. Буннан соң «Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясының руўхый тийкары», «Мәмлекеттиң социаллық-экономикалық раўажланыўында Конституцияның тутқан орны» темаларында баянатлар тыңланды.

Атап өтилгенидей, Конституция өзиниң терең ойланған принциплери ҳәм қағыйдалары менен ажыралып, елимиздиң тәғдирин, ҳәр бир инсанның ҳуқық және еркинликлерин белгилеўде әҳмийетли ҳүжжет болып есапланады. Президентимиздиң халқымыздың абадан турмыс кешириўи ушын мүнәсип шараят жаратыў Конституциямыздың тийкарғы мақсети болып табылады,-дегениндей, тынышлықтың қәдирине жетиў, ата-бабаларымыздың мийрасларын қәстерлеп сақлаў, елимизди буннан да абадан үлкеге айландырыў, кексе-нуранийларды,  ҳаял-қызлар менен жасларымызды қоллап-қуўатлаў, бүгинги турмысымыздың тийкарғы өлшемине айланып бармақта.

Илаж соңында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларына қәнигелерден жуўап алды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги