Елимиздеги 2 мыңнан зыят АЖҚШқа күнине орташа 3 мың 200 тонна бензин орнына 4 мың тоннадан зыят бензин жеткерип берилмекте.

Энергетика министрлиги жанындағы “Өзнефтьгазинспекция”ныӊ үйрениў нәтийжелерине бола, 299 АЖҚШда баҳаны тийкарсыз көтергени ҳәм өним сапасын бузғаны себепли оларға автобензин жеткериў тоқтатылды.

Буннан тысқары, 15 миллион литрге шамаалас сапасыз нефтъ өнимлери анықланды.

Газ қуйыў шақапшаларындағы ўақытша шеклеўлер автобензинниӊ баҳасын көтериўге тийкар болмайды.

 ӨзА