И.В.Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде өнермент Бийбисара Қунназарова Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеби оқыўшыларына қарақалпақ миллий гилемшилиги бойынша шеберлик сабағын өтти.

«Өнерментлер» бирлеспесиниң ағзасы Б.Қунназарова көплеген шәкиртлер таярлап келмекте. Олар да усы бирлеспениң ағзалары болып, республикамыздың Төрткүл, Мойнақ, Тақыятас, Хожели, Нөкис районларында жумыс алып бармақта. Сондай-ақ, музейде жайласқан гилем тоқыў цехында өнермент гилемшилик сырларын үйретип келмекте. Б.Қунназарованың үйинде де гилем тоқыў устаханасы ҳәм цехы ашылып, бул орынлар бүгинги күнде сырт еллерден келген мийманлар ушын туристлик маршрутқа киргизилген.

– Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Музейлерде хызметлер тараўын раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында музейимизде шөлкемлестирилген илажда қарақалпақ қол өнерин, атап айтқанда, гилемшилик тараўын қайта тиклеўде аянбай мийнет етип атырған устаз Б.Қунназарова оқыўшы-жаслар менен ушырасып, өнер сырлары менен ортақласты, -дейди музейдиң аға илимий хызметкери Нуржамал Дәўлетбаева. – Мақсет – жасларда Ўатанға, миллий өнерлеримизге болған мақтаныш сезимин күшейтиў, қол өнериниң бай тарийхы, ҳәр бир нағыстың атқаратуғын хызмети ҳәм мәниси ҳаққында мағлыўмат бериў еди. Ушырасыўға көркем өнер мектебиниң оқытыўшысы Ханшайым Кемалова да өзиниң шәкиртлери менен келип, өзлериниң заманагөй көринистеги гобелен бағдарында тоқылған гилемлерин көрсетти.





Илаж қатнасыўшылары қарақалпақ миллий гилемшилиги менен шуғылланатуғын Б.Қунназарова ҳәм заманагөй гилемлер тоқыйтуғын уста Х.Кемаловалардың жумысларын салыстырып көриў бахтына миясар болды.

– Мектебимизде 5-класстан 11-классқа шекем қол өнерлери терең үйретиледи, -дейди көркем өнер мектебиниң қәнигелик пән оқытыўшысы Ханшайым Кемалова. – Бул жерде гилемшилик өнери бойынша сабақ бериў менен бирге дөгерек жумысларын да алып бараман. Бурынғы қарақалпақ гилемлериниң реңлери, ислениў формалары, нағысларының атамалары ҳәр қандай инсанның дыққатын өзине тартады. Бундай миллий мийрасларымызды сақлап қалыўға устаз сыпатында бизлер де жуўапкермиз.

Ушырасыўдан соң музейде 1998-жылы иске түскен гилем тоқыў цехына саяхат шөлкемлестирилди. Сол жыллары Б.Қунназарова цехта 100 ден аслам қызларға гилем тоқыўды үйретти. Бир неше жыллық үзилислерден кейин быйыл және жумыс баслаған бул цехта бүгинги күнде онлаған ҳаял-қызлар гилем тоқыў сырларын меңгермекте.

– Бүгин өнермент апаларымыздың тоқыған гилемлерин, қара үйлерге арнап тигилген нағысларды көрип, ҳайран қалдық, -дейди көркем өнер мектебиниң оқыўшысы Айдана Дәўлетмуратова. – Себеби, бул гилемлердеги нағыслардың көпшилигин биринши мәрте көрип атырман. Олар өзиниң қурамалылығы, рәңбәреңлиги, атамасы менен таң қалдырды.

М.Пирназарова,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы