Өзбекстан илими аўыр жоғалтыўға ушырады.
Өзбекстанда генетика тараўының жетекши ғайраткери, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясының академиги Абдуллаев Абдумавлон Абдуллаевич 2022-жылдың 8-декабрь күни 92 жасында қайтыс болды.
А.Абдуллаев 1930-жылдың 13-июлинде Наманган ўәлаятында туўылды. 1952-жылы Орта Азия мәмлекетлик университетин тамамлап, мийнет жолын Өсимликтаныў илимий тексериў институты Орта Азия тәжирийбе станциясының киши илимий хызметкери лаўазымынан баслады. 1961-жылы кандидатлық, 1973-жылы докторлық диссертациясын қорғады. 1995-жылы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының ҳақыйқый ағзасы етип сайланды.
Қәбилетли илимпаз өзиниң 70 жыллық илимий жумысы даўамында Илимлер академиясында пидәкерлик пенен мийнет етти. Генетика ҳәм өсимликлер экспериментал биологиясы институтының киши, үлкен хызметкери, лаборатория баслығы, директоры, ӨзРИА Президумының аўыл хожалығы илимлери бөлиминиң баслығы және өмириниң соңғы күнлерине шекем институттың бас илимий хызметкери лаўазымында жемисли мийнет етип, илимниң раўажланыўына мүнәсип үлес қосты.
А.Абдуллаев илимий жумысы даўамында ғаўаша генетикасының фундаментал тийкарларын раўажландырыўға үлкен үлес қосты. Илимпаз жаратқан илимий мектеп тийкарында ғаўашаның бир қатар жаңа сортлары жаратылды ҳәм генетика селекциясында ғаўашаның жабайы түрлеринен пайдалы донорлар сыпатында пайдалыныў имканияты жаратылды. Ол елимиздиң пахташылық илими раўажланыўының фундаментал тийкары ҳәм миллий байлығы болған ғаўаша генлери коллекциясының тийкарын салыўшылардан бири.
Ол 600 ден аслам илимий жумыслар, соның ишинде, 10 нан аслам монографияның авторы. Илимий мақалалардың 300 ден асламы халықаралық абырайлы журналларда басып шығарылған.
Жанкүйер устаз сыпатында көплеген жасларға сабақ берген мийнеткеш илимпаздың тиккелей басшылығында 20 дан аслам илим докторы ҳәм 40 қа жақын илим кандидаты таярланған.
Академик А.Абдуллаевтың елимиздиң илимин раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланды. Ол «Өзбекстанға хызмет көрсеткен илим ғайраткери» (1980), «Меҳнат шуҳрати» ордени (2003), «Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик сыйлығы» (2011) менен сыйлықланған еди.
Белгили илимпаз, меҳрибан устаз, кишипейил инсан Абдумавлон Абдуллаевтың естелиги қәлбимизде ҳәмийше сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов,
А.Арипов, Б.Йўлдошев