Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилгениниң 30 жыллығы мүнәсибети менен мәмлекетимиз тәрепинен алып барылып атырған адамгершилик сиясатының әмелий көриниси сыпатында «Еркинен айырыў жазасын өтеп атырған, қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған бир топар шахсларды әпиў етиў ҳаққында»ғы Пәрманға қол қойды.
Пәрманға муўапық, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 93-статьясы 23-бәнтине тийкарланып жаза мүддетин өтеп атырған және қылмысына шын кеўилден пушайман болған ҳәм дүзелиў жолына беккем бел байлаған 402 пуқара әпиў етилди.
Әпиў етилгенлерден 128 адам тийкарғы жазадан толық азат етилди, 201 и жазаны өтеўден мүддетинен бурын шәртли азат етилди, 15 адамның еркинен айырыў жазасы жеңилирек жаза менен алмастырылды. Сондай-ақ, 58 адамға тайынланған еркинен айырыў жазасының мүддетлери қысқартылды.
Әпиў етилгенлердиң 17 син сырт ел пуқаралары, 63 ин ҳаяллар, 26 сын 60 жастан асқан адамлар және 19 ын қадаған етилген шөлкемлердиң жумысына қатнасқан адамлар қурайды.
Пәрманның орынланыўы бойынша әпиў етилген адамларды шаңарағы ҳәм жақынлары қушағына қайтарыў, жәмийетлик турмысқа бейимлесип, пайдалы мийнет пенен шуғылланыўы, саламат турмыс тәризин жолға қойып, жәмийетте мүнәсип орнын табыўы ушын оларға жәрдем бериў бойынша жуўапкер министрликлер менен уйымларға тийисли тапсырмалар берилди.
ӨзА