Испания футбол федерациясы Луис де ла Фуенте Испания командасының бас тренери етип тайынланғанын дағазалады.
Алдынырақ, де ла Фуенте Испанияның жас өспиримлер ҳәм жаслар командалары менен ислескен. Қәниге тийкарғы командадағы жумысын Қатардағы жәҳән чемпионатынан кейин баслайды.
Де ла Фуенте басшылығындағы Испания командасы Токио-2020 Олимпиадасының гүмис медалы ийесине айланған еди.
Жаңа тренер 2024-жылдың март айында Германияда болып өтетуғын Европа чемпионатының таңлап алыў ойынларында Норвегия ҳәм Шотландияға қарсы ойында дебютқа еристи.
Азизбек Дабылов,
ҚМУ Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти,
Қарақалпақстан хабар агентлиги