Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев энергосистемада турақлылықты тәмийинлеў, халқымызды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеўде пидәкерлик мийнет етип атырған Тақыятас ыссылық электр станциясы хызметкерлери менен ушырасты.
Бүгинги күнде республикамыздыӊ аймақларын турақлы электр энергиясы менен тәмийинлеў бағдарында айтарлықтай жумыслар алып барылмақта. Бунда әлбетте Тақыятас ыссылық электр станциясы хызметкерлериниң мийнети айрықша.
Ушырасыў даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы станцияның жумысы, хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.
Режеге муўапық ыссылық электр станциясында электр энергия ислеп шығарыў суткасына 13,1 млн.кВт.саат болып, бүгинги күнде әмелде еки энерго блок ҳәм еки пуў-газ қурылмасында суткасына 17,5 млн.кВт.саат әтирапында электр энергиясын ислеп шығармақта.
Республикамыз аймағына суўық ҳаўа массалары кирип келиўи менен электр энергиясына болған талап анағурлым артатуғыны белгили. Сонлықтан кәрханада гүз-қыс мәўсимине таярлық көриў жумыслары шеңберинде тийкарғы ҳәм жәрдемши үскенелердиң турақлы ислеўи бойынша анық ўазыйпалар белгилеп алынған.
Атап айтқанда, ислеп шығарылып атырған электр энергиясын жоқары күшлениўши линияларға сапалы ҳәм үзликсиз жеткерип берилиўин тәмийинлеў мақсетинде ашық бөлистириў қурылмалары үскенелерин техникалық оӊлаў жумыслары алып барылды. Соның менен бирге, кәрханада 24 саатлық штаб нәўбетшилиги шөлкемлестирилген.
Ушырасыў даўамында қыстың аязлы күнлеринде халқымызды үзликсиз электр энергиясы менен тәмийинлеўде аянбай мийнет етип атырған кәрхана хызметкерлерине миннетдаршылық билдирилди ҳәм оларға Жоқарғы Кеңес Баслығының ҳүрмет жарлықлары тапсырылды.
Кәрханада электр энергиясы менен байланыслы машқалалардың алдын алыў мақсетинде барлық илажлар көрилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги