Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында 8-декабрь – Өзбекстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен барлық факультетлер арасында «Сиз Конституцияны билесиз бе?» атамасында жарыс  өткерилди.

Жарыста студентлер Сәлемнама, Конституциялық ҳуқық бойынша сораў-жуўап, Сахналық көринис сыяқлы шәртлер бойынша өзлериниң конституция ҳаққындағы билимлерин көрсетиўге ҳәрекет етти.

Олардың ҳәр бир сахналық шығыўы, сораўларға берген жуўаплары төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен баҳалап барылды.

Барлық қатнасыўшылар, сыйлы орын ийелери ҳәм жеңимпазлар институт ректораты ҳәм кәсиплик аўқамы комитети тәрепинен ҳүрмет жарлықлары, диплом, сондай-ақ, естелик саўғалары менен сыйлықланды.

М.Қасымова,

ҚМУдиң журналистика тәлим бағдары студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги