Өзбекстан Республикасы Конституциясының 30 жыллығы мүнәсибети менен Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды ҳәм Нөкис районлараралық ҳәкимшилик суды судьялары ҳәм суд хызметкерлериниң қатнасыўында байрам илажы өткерилди.

Илажда бүгинги күнде елимизде жүз берип атырған жаңаланыўлар, демократиялық ҳуқықый мәмлекет қурыў, әдил пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў жолында ерисип атырған жетискенликлеримиз туўралы мағлыўматлар берилип, буның барлығы Конституцияда көрсетилген тийкарғы принциплердиң турмысқа толық енгизилиўи менен байланыслы екенлиги айрықша атап өтилди.

Байрам илажында әдил судлаўды әмелге асырыўға ҳәм суд ҳәкимиятының абырайын беккемлеўге үлес қосқан бир қатар судья ҳәм суд хызметкерлери Судьялар жоқарғы Кеңеси ҳәм Ҳәкимшилик суды тәрепинен естелик саўғалары ҳәм Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.


Қарақалпақстан хабар агентлиги