Бүгинги күни  «Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында «Меҳир ҳәрекети» қайырқомлық илажлары басланды.

Атап айтқанда, аўыр шараятта жасап атырған пуқаралардың турмысын жақсылаў бағдарында бир қатар ийгиликли басламалар көтерилип, барлық районлардың  орайлары менен аўылларында төмен шараятта болған шаӊарақлар үйренип шығылды.

Соның менен бирге, республикамыз басшысы тәрепинен  республикамыз аймақларында аўыр шараятта жасап атырған, хатлаўдан өткерилген пуқаралардың турақ жайларын орнына барып көриў, оларға әмелий жәрдем көрсетиў, үйлерин оңлап бериў бағдарында жумысларды нәтийжели жолға қойыў мақсетинде министрлик, басқарма, мәкеме-шөлкем басшыларынан ибарат исши топарлар дүзилди ҳәм олар районларға бириктирип берилди.

Қарақалпақстан Республикасы транспорт министрлигине Төрткүл районы бекитилген болып бул бойынша министрлик тәрепинен бир қанша унамлы ислер баслап жиберилди.

―Республикамыз бойлап басланған «Меҳир ҳәрекети» шеңберинде басланған қайырқомлық илажына белсене қатнасыў мақсетинде министрлигимиз тәрепинен ис-илажлар кестеси ислеп шығылып, усы тийкарды жумыслар алып барылмақта,―дейди Транспорт министрлигиниң Мәлимлеме хызмети басшысы Заҳида Қалжанова.- Атап айтатуғын болсақ, министримиз Маманбий Омаров Төрткул районында болып, район ҳәкиминиң биринши орынбасары М.Бекжанов ҳәм мәҳәлле ақсақаллары менен бирге аймақтағы кем тәмийинленген, жағдайы аўыр шаңарақлардың жағдайынан хабар алып, оларға азық-аўқат өнимлерин апарып берди. Бундай қайыр-сақаўат ислери еле даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги