Кеше «F» ҳәм «E» топарларында 3-тур ойынлары болып өтти.

Турдың дәслепки ойынында өткен жәҳән чемпионатының гүмис ҳәм қола медальлларының жеңимпазы Хорватия Бельгия сайланды командалары ушырасып, онда дәрўазаларға гол урылмады.

Усы топарда орын алған екинши ойында болса, быйылғы чемпионатта өзине жараса сенсация орнатып атырған Марокко канадалы футболшылар менен ушырасып, 1-2 есабында жеңип шығыўға еристи.

«Е» топарында болған ушырасыўлар болса, оғада қызықлы болды. Атап айтқанда, Япония-Испания ойынының 11-минутында Алваро Мората есапты ашқан болса, оған 48-минутта япониялы Доан, 51-минутта Танакалар жуўап тобын урып Японияны келеси басқышқа алып шықты.

Германия болса, Коста-Риканы 4-2 есабында жеңип шыққаны менен келеси басқышқа жолламаны қолға киргизе алмады.

Солай етип, кешеги өткерилген ойынлардан соң «F» ҳәм «E» топарларында Марокко, Хорватия, Япония ҳәм Испания сайланды командалары келеси басқыш жолламасын қолға киргизип, өз жанкүйерлерин қуўанышқа бөледи.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы