Бүгин Қатарда өткерилип атырған жәҳән чемпионатының 3-турынан орын алған ең соңғы ойынлар болып өтеди.
Онда Ташкент ўақты менен саат 20:00 де Гана-Уругвай, Қубла Корея-Португалия, саат 00:00 де Сербия-Швейцария, Камерун-Бразилия сайланды командалары келеси басқыш жолламасы ушын өз-ара гүрес жүргизеди.
Соны айтып өтиўимиз керек, бул топарларда Португалия ҳәм Бразилия 2 турдан соң 6 упай топлап мүддетинен алдын 1⁄8 финалына жолламаны қолға киргизиўге миясар болды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы