Кеше Қатарда болып өтип атырған жәҳән чемпионатында «С» ҳәм «D» топарларында жуўмақлаўшы тур ойынлары өткерилди.

Дәслеп «D» топарында орын алған ушырасыўлар болып өтип, онда Австралия Данияны, Тунис сайланды командасы әмелдеги жәҳән чемпионы Францияны  1-0 есабында жеңип шығыўға миясар болды. Бирақ, Тунис футболшылары тәрепинен қолға киргизилген бул тарийхый жеңис оларды келеси басқышқа алып шықпады. Себеби, бул топарда Франция 6 упай менен мүддетинен алдын 1/8 финал жолламасын қолға киргизген болса, Австралия сайланды командасы да 6 упай топлап, екинши орынды ийелеўге еристи.

Ал, «С» топарында болса, Аргентина Польшаны 2:0, Мексика Саудия Арабстанын 2:1 есабында жеңип шықты.

Солай етип бул топарда Аргентина ҳәм Польша сайланды командалары биринши ҳәм екинши орынларды ийелеп, 1/8 финал жолламасын қолға киргизди. Ал, 4 упай топлаған Мексика дәрўазаларға урылған голлар есабынан Польшадан артта қалып, келеси басқыш жолламасынан бийнесип қалды.

Енди 1/8 финал ойынларында Франция Польша менен, Аргентина Австралия сайланды командасы менен ушырасады.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы