Қатардағы жәҳән чемпионатында еркин агент сыпатында қатнасып атырған португалиялы футбол жулдызы Криштиан Роналду Саудия Арабстанының «Ал-Наср» клубына өтиў алдында тур.
37 жасар футболшы егер араблардың усы шәртнамасына келисим берсе, жылына дерлик 172,9 млн евро қаржыға ийе болады ҳәм бул футбол тарийхындағы ең ири шәртнама болып есапланады.
Буннан алдын Роналду жаз мәўсиминде бул клубтың усынысынан бас тартқан еди. Себеби, ол Европа чемпионлар лигасында қатнасатуғын топ-клублардың бирине өтпекши еди. Роналдуның жаңа шәртнамасы 2,5 жылға мөлшерленгени айтылмақта.
«Ал Наср» Саудия Арабстанының ең белгили клубларының бири болып, ол 9 мәрте мәмлекет чемпионлығын қолға киргизген ҳәм онда Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Жалолиддин Машарипов ойнамақта.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы