Кеше футбол бойынша «G» ҳәм «Н» топарында 2-тур ойынлары болып өтти. «G» топарында өткен дәслепки ойында Сербия сайланды командасы Камерун сайланды командасы менен өз-ара күш сынасты.
Алты мәрте дәрўазалар анық нышанға алынған бул ойынның 29-минутында
Кастеллетто есапты ашқан болса, биринши тайм ақырында Павлович ҳәм Сергей Миленкович-Савичлер еки гол урып, Сербияны алдыға алып шықты.
Екинши тайм басында серблер өз белсендилигин көрсетип, ойындағы есапты 3-1 ге жеткерди. Буннан соң Камерун устазы Жалалатдин Машариповтың командаласы Винсент Абубакирди майданға түсирди.
Әлбетте, бул өзгерис Камерунлар ойынына унамлы тәсир етти ҳәм 63-минутта Абубакир өзине жаратылған имканияттан нәтийжели пайдаланып, есапты қысқартыўға еристи. Арадан 3 минут өткеннен соң Шупо-Мотинг және бир мәрте камерунлы жанкүйерлерди қуўанышқа бөлеп, есапты теңлестириўге миясар болды.
Ал, ойынның қалған минутларында командалар жеңиске ерисиў ушын қаншелли ҳәрекет еткени менен есап өзгерместен қалды.
Усы топардың екинши ойынында болса, бес мәрте жәҳән чемпионы Бразилия Петкович басшылығындағы Швейцария менен ушырасып, 1-0 есабында жеңиске ерисип, келеси басқыш жолламасын қолға киргизди.
«Н» топарында өткерилген ойынларда болса, Қубла Корея Ганаға 2-3 есабында утылып, өзиниң плей-оффқа шығыў имканиятын төменлетип жиберди.
Роналду жетекшилигиндеги Португалия болса, Уругвайды 2-0 есабында жеңип шығып, келеси басқышқа жолламаны әмелде қолға киргизди.
3-тур ойынында болса, топардағы екинши жоллама ушын Гана менен өз-ара гүрес алып барыўы күтилмекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы