Ҳәзирги күнде ана тили ҳәм әдебияты муғаллимлери тәрепинен усы пәнлерден де миллий сертификат имтиханлары өткериле ме деген мазмунда көплеген сораўлар келип түспекте.
Ҳәммемизге белгили, 2022-жыл 24-октябрьден 12-ноябрьге шекем my.dtm.uz сайты арқалы математика, физика, химия ҳәм биология пәнлеринен миллий сертификат имтиханларында қатнасыў тилегин билдирген талабанлар дизимге алынған еди.
Мәмлекетлик тест орайы берген мағлыўматларға бола, бул имтихан тест сынақлары 2022-жыл 4-декабрь ҳәм 18-декабрь күнлери болып өтеди.
Қосымша мағлыўмат орнында айтыў керек, Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен миллий сертификат имтиханлары 2023-жыл январь айында да шөлкемлестирилиўи режелестирилген.
Онда имтихан сынақлары физика, химия ҳәм ана (өзбек, рус, қарақалпақ) тили ҳәм әдебияты пәнлеринен болып өтеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги