Тәжикстан ҳәм Франция Президентлери Эмомали Раҳман ҳәм Эммануэль Макрон шемби күни телефон арқалы сөйлесиўи даўамында Аўғанстандағы жағдайды додалады, деп хабар берди Тәжикстан басшысының баспасөз хызмети.
«Тәреплер Аўғанстан машқаласына итибар қаратады. Аўғанстандағы әскерий-сиясий ҳәм соцаиллық-экономикалық жағдай ҳәм келешектеги режелер бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды», делинеди хабарда.
Атап өтилиўинше, мәмлекетлердиң жетекшилери Аўғанстанды «регион қәўипсизлигин тәмийинлеўдиң әҳмийетли шәрти сыпатында тынышлық ҳәм турақлылық коридоры» өткериў процесин жеңиллетиў бойынша улыўма көзқарас ислеп шығыў зәрүрлиги ҳаққында сөйлесилген.
Тәреплер, сондай-ақ, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелер, атап айтқанда, заманагөй қәўип-қәтерлер – терроризм, экстремизм ҳәм наркотик затлардың нызамсыз айланысына қарсы биргеликте гүресиў мәселесин де додалаған.
ӨзА