Бүгин Қатардың Аль-Райан қаласындағы «Ахмед Бин Али» стадионында футбол бойынша жәҳән чемпионатында 2-тур ойынларына старт берилди.
Онда Азия футболы абырайын қорғап киятырған Иран сайланды командасы ағзалары Уэлс футболшылары менен өз-ара күш сынасты.
Оғада қыйын жағдайда өткен ойынның тийкарғы ўақтында есап ашылмады. Ойын төрешиси тәрепинен қосып берилген 90+9 минутында Шешмидиң жәрийма сыртынан жоллаған тобын Уэлс дәрўазаманы қайтара алмады.
Буннан соң уэлслилер ҳүжимге берилип кетти ҳәм бул болса қорғаў бөлиминде бослықларды пайда етти. Буның нәтийжесинде Резаян өзине Тареми тәрепинен жаратылып берилген имканияттан пайдаланып, Иранның исенимли жеңисин тәмийинледи. Есап 2-0 Иран пайдасына.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы