Кеше футбол бойынша Қатарда өткерилип атырған жәҳән чемпионатының «E» ҳәм «F» топарларында 1-тур ойынлары болып өтти.
Онда «E» топарында ҳәрекет етип атырған Япония 4 мәрте жәҳән чемпионы болған Германия сайланды командасы менен өз-ара ушырасты.
«Немис машинасы»ның толық үстинлигинде өтиўи болжанған бул ойынның 33-минутында пенальтиден Илкай Гюндаган тәрепинен урылған гол есабынан 1-таймды өз пайдасына шешиўге еристи.
Бирақ, 2-таймда «күн шығыс ели» азаматалары өзиниң қандай күш ҳәм таярлыққа ийе екенлигин футбол жанкүйерлерине көрсетип, 75-минутта ойындағы «тәрези пәлле»син теңлестириўге миясар болды.
Ал, 83-минутқа келип болса, ҳәзирги күнлери Германияның «Бохум» клубында ойнап атырған Такумо Асано Нойер дәрўазасын анық нышанға алып пүткил дүнья футболы қәнигелерин таң қалдырыўға еристи.
Ушырасыўдың қалған минутларында немислер есапты теңлестириў ушын қаншелли ҳәрекет еткени менен оннан унамлы нәтийже шығара алмады.
Ал, усы топардың екинши ойынында болса, турнир фаворитлеринен есапланған Испания Коста-рика сайланды командасы футболшылары менен ушырасты.
Бул ойында «жеңилмес Армада» футболшылары өз қарсыласларын 7-0 есабында жеңип шығып, жәҳән чемпионатларындағы өзиниң ең ири есаптағы жеңисин қолға киргизди.
Сондай-ақ, усы күни «F» топарында Арқа Америка ўәкили есапланған Канада «жулдызлы қурамға» ийе Бельгия сайланды командасы менен ушырасып, 0-1 есабында жеңилиске ушырады.
Ал, өткен жәҳән чемпионатының гүмис медалы ийеси Хорватия болса, Марокко менен ушырасып, 1 упайға ийе болды.
Солай етип бул топарда Бельгия сайланды командасы 1-турдан соң 3 упай менен жетекшилик етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы