Мексикада болып өткен жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы 4 медаль: 1 алтын, 1 гүмис ҳәм 2 бронза менен жуўмақлады. Бул чемпионатқа Өзбекстаннан 16 спортшы қатнасты, деп хабар бермекте Миллий олимпиада комитети баспасөз хызмети.
+73 кг салмақ категориясында Светлана Осипова алтын медальды қолға киргизди.
– 63 кг салмақ категориясында болса , Нияз Пулатов гүмис медаль алды. Ол Әзербайжан, Египет, Иран, Хорватия ҳәм Испания ўәкиллерин жеңип, финальға шекем жетип келди. Бирақ шешиўши бәсекиликте қытайлы Лианг Юшуаиға жеңилип қалды .
Бронза медалына (-87 кг) Никита Рафалович ҳәм (-62 кг) Феруза Содиқова ийе болды. Никита Рафалович жәҳән чемпионатларында үшинши, Феруза Содиқованиң болса дәслепки медалы болды. Амир Тўраев (-58 кг) ҳәм Зуҳра Тожиматова (-46 кг) 1/32 финалда жеңилиске ушырады. Жаҳонгир Худойбердиев ( (-54 кг) 1/16 ҳәм Саодат Алиева (-73 кг) болса 1/32 финал басқышына шекем жетип барды. Олимпиада чемпионы болған Улуғбек Рашитов ( -68 кг) ҳәм Зарнигор Ҳусниддинова (-49 кг) да медаль алған спортшылар қатарына кире алмады.
Хамре Қдырбаева,
ҚМУдың Интернет журналистикасы
тәлим бағдарының 4-курс студенти.
Қарақалпақстан хабар агентлиги