Кеше Қатардың Эл-Вакр қаласындағы «Аль-Джануб» аренасында жәҳән чемпионатының 1-туры шеңберинде «Д» топарында орын алған Франция ҳәм Австралия сайланды командалары арасында ойын болып өтти.

Ушырасыўдың 9-минутында австралиялылар Крейг Гудвинниң әжайып тәризде урылған голы есабынан есапта алдыға шығып алған болса, қалған минутларда әмелдеги жәҳән чемпионы ойын дизгинин өз қоларына алыўға еристи.

Атап айтқанда, 27-минутта Рабьо, 32-минутта Жиру, 68-минутта Мбаппе, 71-минутта және Жиру Австралия дәрўазасына гол жоллап, Франция сайланды командасының ири есаптағы жеңиске ерисиўин тәмийинледи.

Ал, усы топардың екинши ойынында болса, Дания Тунис пенен өз-ара ушырасып, онда улыўма есап ашылмады.

Солай етип бул топарда Франция сайланды командасы 3 упай топлап жетекшилик етпекте. Дания ҳәм Тунис есабында болса, 1 упайдан бар.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы