Кеше Қатарда өткерилип атырған футбол бойынша жәҳән чемпионатында «С» ҳәм «Д» топарларында 4 ойын болып өтти.
«С» топарында өткерилген дәслепки ойында XXI әcир футболының жарқын жулдызы Лионель Месси жетекшилигиндеги Аргентина сайланды командасы бүгинги күни Азия футболының күшли командаларының бири Саудия Арабстаны менен өз-ара күш сынасты.
Ушырасыўдың дәслепки минутларынан баслап-ақ, ҳүжимге атланған Марадона избасарлары 10-минутта пенальти ислеп алыўға еристи ҳәм оны анық әмелге асырған Месси өз командасын есапта алдыға алып шықты.
1-таймның қалған ўақытлары да аргентиналы футболшылардың үстинлиги менен өтти. Бирақ, олар тәрепинен Саудия дәрўазасына урылған 3 гол да офсайд себепли есапқа алынбады.
Екинши таймның дәслепки минутларында араблар избе-из ҳүжимлер шөлкемлестирип, оны голға айландырыўға еристи. Гол авторы Солиҳ аш-Шеҳри. Арадан көп өтпей саудиялылардың тәжирийбели ҳүжимшиси Салим ад-Довсари Қубла Америкалы футбол жанкүйерлерин және қыйын жағдайға салып қойды.
Ушырасыўдың қалған минутларында аргентиналы футболшылар есапты теңлестириў ушын қаншелли ҳәрекет еткени менен гол ура алмады.
Усы топардың екинши ойынында болса, Мексика ҳәм Польша сайланды командалары өз-ара ушырасып, онда есап ашылмады. Ушырасыўдың екинши таймының дәслепки минутларында Польша сайланды командасы есапты ашыўы мүмкин еди. Бирақ, Польшаның ең исенген футболшысы Роберт Левандовски өзине тапсырылған пенальтиди анық әмелге асыра алмады.
Солай етип бул топарда 1-турдан соң Саудия Арабстаны 3 упай менен биринши орында киятырған болса, Польша ҳәм Мексика сайланды командаларында 1 упай менен 2-3-орынларды ийелеп тур.
Саудия Арабстанының Аргентина үстинен ерискен жеңисинен айрықша қуўанышқа бөленген мәмлекет патшасы Салмон ибн Абдулазиз ас-Сауд 23-ноябрьди дем алыс күни деп жәриялады. Бул күни Саудияда жумыс ислеп атырған барлық мәмлекетлик ҳәм жеке сектордағы кәрханалар, студентлер ҳәм мектеп оқыўшылары дем алады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы