Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасының Президенти Эмомали Рахман Душанбе қаласында ашылған елимиздиң санаат кәрханалары миллий көргизбели-ярмаркасына барды.

Дәслеп бул жерде Ғалаба-Амузанг-Хушади темир жол тармағының рәсмий ашылыў мәресими болды. Президентлер поездтиң ҳәрекетин баслаў ушын белгини басты. Буннан кейин Шавкат Мирзиёев ҳәм Эмомали Рахман Өзбекстанда ислеп шығарылған өнимлер менен танысты.

Көргизбе еки бөлимде шөлкемлестирилген. 1500 метр квадрат жабық манежде «Өээлтехсанаат», «Өзхимиясанаат», «Өзтоқымашылақсанаат», «Өзбекжипексанаат», «Өзбектериаяқкийими», «Өзбекнефтегаз», «Өзфармсанаат», «Өзқурылысматериаллары», «Өзбеказықаўқатхолдинг», «Өзшарапсанаат», «Өзметкомбинат»  сыяқлы ири компаниялар ҳәм ассоциациялар өнимлери инам етилмекте.

500 метр квадрат ашық майданда автомобиллер, аўыл хожалығы техникалары, жүк машиналары, автобуслар ҳәм басқа өнимлер көргизбеге қойылған.

Елимимзде ислеп шығарылған өнимлер Тәжикстан Президентинде үлкен қызығыўшылық оятты. Олардың сапасы ҳәм бахасы бәршеге мақул болыўын атап өтти. Көргизбели-ярмарканы және көп ўақыт даўам еттириў ҳәм бирге ислесиўде ислеп шығарыў бойынша  көрсетпелер берилди.

ӨзА