Испанияда даўам етип атырған бокс бойынша жас өспиримлер арасындағы жәҳән чемпионатында кеше шерек финаль ушырасыўлары болып өтти.
Онда Өзбекстан сайланды командасының 9 ағзасы ярым финаль жолламасы ушын өз қарсыласлары менен гүрес жүргизди.
Соннан 48 кг салмақта -48 кг: Гулсевар Ғаниева, 54 кг да Хўжаназар Нортожиев, 67 кг да Жавоҳир Умматалиев, 70 кг да Азиза Зокирова, 81 кг да Олтиной Сотимбоева, 75 кг да Тўрабек Хабибуллаевлар жеңиске ерисип, ярым финальға шыққан болса, 54 кг да Мухлиса Хушвақтова, 63 кг да Ситора Баҳодирова, 92 кг да Айназар Кенесбаевлар тилекке қарсы өз қарсыласларынан жеңилип қалды.
Бүгин чемпионатта және 4 ўатанласымыз ярым финаль жолламасы ушын рингке шығады.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы