Кеше футбол бойынша жәҳән чемпионатының «А» топарында ҳәр сапары жәҳән чемпионлығына тийкарғы даўагерлерден есапланған әўметсиз Нидерландия сайланды командасы «Эл-Тумама» стадионында Африка миллетлер лигасының әмелдеги чемпионы Сенегал сайланды командасы менен өз-ара ойын өткерди.
Бул ойын ҳәмме күткениндей нидерландиялы футболшылардың толық үстинлиги менен өтти, деп айта алмаймыз. Себеби, өз қурамында дүньяның ең күшли клубларында ойнаўшы футболшыларға ийе Сенегал сайланды командасы 1-2-таймның көпшилик бөлегинде голландларға салыстырғанда әдеўир басымырақ көринди.
Бирақ, 84-минутқа келип Нидерландияның бүгинги күндеги ең үмитли жас ҳүжимшилеринен бири Коди Гакпо өзине Френки Де Йонга тәрепинен узатылған әжайып топты басы менен Менди дәрўазасына анық жоллап ойындағы есапты ашыўға еристи.
Буннан соң Сенегал футболшылары есапты теңлестириў ушын әдеўир ҳәрекет етти. Лекин, ойынға қосып берилген 90+9 минутта Дэви Классен және бир мәрте Мендиди шарасыз қалдырып, өз командасының исенимли жеңисин тәмийинледи.
Солай етип, «А» топарында нидерландиялы футболшылар Эквадор менен биргеликте 3 упай топлап 1-орынды ийелеп келмекте.
25-ноябрь күни бул командалар 2-турда өз-ара ушырасып, Сенегал сайланды командасы Қатар менен ойнайды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы